YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 46

46
Яқыптың Мысырға көшип барыўы
1Солай етип, Израил өзиниң барлық мал-мүлкин алып, жолға шықты. Беер-Шебаға жетип келгенде, әкеси Ысақтың Қудайына арнап қурбанлықлар шалды. 2Қудай түнде Израилға аян берип:
– Яқып, Яқып! – деди.
– Ләббәй, – деди ол.
3Қудай оған былай деди:
– Мен Қудайман, әкеңниң Қудайыман. Сен Мысырға барыўдан қорқпа. Мен ол жерде сениң урпақларыңнан уллы халық жаратаман. 4Мен сениң менен бирге Мысырға бараман ҳәм урпақларыңды усы жерге сөзсиз қайтарып алып келемен. Қайтыс болғаныңда, Юсуп өз қоллары менен көзлериңди жабады.
5Соңынан Яқып Беер-Шебадан жолға шықты. Израилдың уллары әкеси Яқыпты, балаларын ҳәм ҳаялларын фараон жиберген арбаларға мингизип, алып кетти. 6Олар малларын ҳәм Қанан жеринде жыйнаған пүткил мал-мүлкин алып, Мысырға келди. Яқып пенен оның пүткил урпақлары бирге еди. 7Яқып өзи менен бирге улларын, қызларын, ақлықларын, яғный пүткил урпақларын алып, Мысырға көшип келди.
8Израилдың, яғный Яқыптың Мысырға алып келген улларының ҳәм урпақларының атлары төмендегише:
Яқыптың туңғышы – Рубен. 9Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий.
10Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм қананлы ҳаялынан туўылған Шаул.
11Лебийдиң уллары: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий.
12Яҳуданың уллары: Эр, Онан, Шела, Перес ҳәм Зерах. Бирақ Эр менен Онан Қананда қайтыс болған еди. Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
13Иссахардың уллары: Тола, Пуўа, Иоб ҳәм Шимрон.
14Зебулонның уллары: Серед, Элон ҳәм Яхлеел.
15Булар Леаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Леа оларды ҳәм қызы Динаны Паддан-Арамда туўған еди. Яқыптың Леа арқалы тараған урпақлары барлығы болып отыз үш еди.
16Гадтың уллары: Сифйон, Хаггий, Шуний, Эсбон, Эрий, Ародий ҳәм Арелий.
17Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қарындасы Серах.
Берияның уллары: Хебер ҳәм Малкиел. 18Булар Лабанның қызы Леаға берген шорысы Зилпаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар барлығы он алты еди.
19Яқыптың ҳаялы Раҳиланың уллары Юсуп ҳәм Бенямин еди. 20Мысырда Юсуп Менашше ҳәм Эфрайым деген еки уллы болды. Юсупке оларды Уон қаласының руўханийи болған Потифераның қызы Асенат туўып берди.
21Беняминниң уллары: Бела, Бехер, Ашбел, Гера, Нааман, Эхий, Рош, Муппим, Хуппим ҳәм Ард.
22Булар Раҳиланың Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси болып он төрт еди.
23Данның улы: Хушим.
24Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шиллем. 25Булар Лабанның қызы Раҳилаға берген шорысы Билҳаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси жетеў еди.
26Яқыптың улларының ҳаялларын қоспағанда, Яқыптың урпағынан болған ҳәм оның менен бирге Мысырға келгенлердиң саны ҳәммеси болып алпыс алты адам еди. 27Юсуптиң Мысырда туўылған еки улы менен бирликте Мысырға көшкен Яқыптың хожалығы ҳәммеси болып жетпис адам еди.
Яқыптың Юсуп пенен ушырасыўы
28Яқып Гошен жеринде көрисетуғынын айтыў ушын Юсупке алдын ала Яҳуданы жиберди. Олар Гошен жерине жетип келгенде, 29Юсуп өзиниң арбасын жегип, әкеси Израилды көриў ушын, Гошенге барды. Юсуп әкесин көре сала, оны мойнынан қушақлап, узақ жылады. 30Израил Юсупке:
– Тири екениңди өз көзим менен көрдим, енди өлсем де, әрманым жоқ, – деди.
31Юсуп туўысқанларына ҳәм әкесиниң үй-ишиндеги адамларға былай деди:
– Мен фараонға барып былай деймен: «Қанан жеринде жасаған туўысқанларым ҳәм әкемниң үй-ишиндеги адамлар маған келди. 32Олар шопанлар болып, шарўашылық пенен шуғылланады. Сонлықтан олар сүриўлерин, падаларын ҳәм барлық мал-мүлкин өзлери менен бирге алып келген». 33Егер фараон сизлерди шақырып: «Кәсип-кәриңиз не?» – деп сораса, 34сизлер: «Ата-бабаларымыз сыяқлы, бизлер де бала ўақтымыздан бери шарўашылық пенен шуғылланамыз», – деп айтыңлар. Сонда сизлерге Гошен жерине орналасыўыңызға рухсат етиледи. Себеби мысырлылар шопанлардан жеркенеди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in