YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 47

47
Юсуптиң әкеси ҳәм туўысқанларының фараон менен ушырасыўы
1Юсуп фараонға барып:
– Әкем ҳәм туўысқанларым сүриўлери, падалары ҳәм барлық мал-мүлки менен Қанан жеринен келди. Олар ҳәзир Гошен жеринде, – деп хабарлады.
2Кейин Юсуп әжағаларының ишинен бесеўин таңлап алып, фараонның алдына алып келди.
3Фараон Юсуптиң ағаларынан:
– Кәсип-кәриңиз не? – деп сорады.
Олар былай деп жуўап берди:
– Сизиң қулларыңыз болған бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы шопанбыз. 4Бизлер бул елге ўақытша жасаў ушын келдик. Қанан жеринде күшли ашлық болып, малларымыз жайылатуғын өрис қалмады. Рухсат етсеңиз, Гошен жерине орналасайық.
5Сонда фараон Юсупке:
– Әкең ҳәм туўысқанларың саған келипти. 6Мысыр жери сениң ықтыярыңда. Оларды елдиң ең жақсы жерине орналастыр. Олар Гошен жеринде жасасын. Егер олардың арасында уқыплы адамлар бар болса, оларды мениң шарўам үстинен бақлаўшы етип қой, – деди.
7Кейин Юсуп әкеси Яқыпты фараонның алдына апарды. Яқып фараонға пәтиясын берди. 8Фараон Яқыптан:
– Жасыңыз нешеде? – деп сорады.
9Яқып оған:
– Мен бир жүз отыз жылдан бери дүньяға мийманман. Мениң өмирим тез ҳәм машақатлы өтти, бирақ мен ата-бабаларымның мийман болып жасап кеткен жасына еле жетпедим, – деп жуўап берди.
10Соңынан Яқып фараонға пәтиясын берип, оның алдынан шығып кетти.
11Солай етип, Юсуп әкесин ҳәм туўысқанларын Мысырға орналастырып, фараонның буйырғанындай, оларға елдиң ең жақсы жеринен, Рамсес үлкесинен меншик жер берди. 12Және де, Юсуп әкесин, туўысқанларын ҳәм әкесиниң үй-ишин балаларының санына қарай азық-аўқат пенен тәмийинледи.
Ашлық жыллары Юсуптиң Мысырды басқарыўы
13Ашлықтың күшейгени соншелли, ҳеш бир елде жейтуғын нәрсе қалмады. Мысыр ҳәм Қанан еллери қырылып кете жазлады. 14Юсуп сатқан дәни ушын Мысырдағы ҳәм Қанандағы барлық гүмислерди жыйнап, фараонның сарайына апарды. 15Мысырда да, Қананда да гүмис таўысылғанда, мысырлылар Юсупке келип:
– Бизлерге жейтуғын нәрсе бериң! Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Гүмислеримиз де таўысылды, – деди. 16Юсуп оларға:
– Егер гүмисиңиз таўысылған болса, малларыңызды алып келиң. Мен олардың орнына сизлерге азық-аўқат беремен, – деди.
17Солай етип, олар малларын Юсупке алып келди. Юсуп олардың атлары, майда-ири маллары ҳәм ешеклериниң орнына азық-аўқат берди. Юсуп бир жыл бойы оларды малларының орнына азық-аўқат пенен тәмийинледи.
18Сол жыл өткеннен соң, кейинги жылы халық және Юсуптиң алдына келип:
– Мырзамыз, сизден ҳақыйқатты жасырмаймыз: гүмисимиз таўысылды, малларымызды сизге бердик. Енди сизге өзимизден ҳәм жеримизден басқа беретуғын ҳеш нәрсемиз қалмады. 19Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Жерлеримиз де шөлге айлансын ба? Сиз бизлерди ҳәм жерлеримизди сатып алып, орнына азық-аўқат бериң. Бизлер жеримиз бенен бирге фараонның қулы болайық. Бизлерге туқым бериң, өлмей, тири қалайық, жер де қаңырап қалмасын, – деди.
20Солай етип, Юсуп Мысырдағы барлық жерлерди фараон ушын сатып алды. Мысырлылардың ҳәммеси атызларын сатты. Өйткени ашлық оларды буған мәжбүр етти. Жерлердиң ҳәммеси фараондики болды. 21Юсуп Мысырдың бир шетинен екинши шетине дейин пүткил халықты фараонның қулына айландырды. 22Ол тек руўханийлердиң жерлерин ғана сатып алмады. Себеби олар фараон тәрепинен тәмийинленип, сол арқалы күн кеширгенликтен, жерлерин сатпады.
23Юсуп халыққа:
– Мен сизлерди ҳәм жерлериңизди фараон ушын сатып алдым. Мине, сизлерге туқым, оны жерге егиңлер. 24Зүрәәт жыйнағаныңызда, зүрәәттиң бестен бир бөлегин фараонға бересиз. Ал қалған төрт бөлегин атызға егетуғын туқым ретинде қолланасыз, және де, өзиңиз, хожалығыңыз ҳәм балаларыңыз ушын аўқат қыласыз, – деди.
25Халық Юсупке:
– Сиз бизлердиң өмиримизди сақлап қалдыңыз. Мырзамыздың кеўлинен шығайық ҳәм бизлер фараонның қулы болайық, – деди.
26Юсуп зүрәәттиң бестен бирин фараонға бериў ҳаққында Мысырда нызам шығарды ҳәм бул нызам ҳәзирги күнге дейин сақланып келеди. Тек руўханийлердиң жерлери ғана фараонға берилмеди.
Яқыптың соңғы тилеги
27Израил Мысырда Гошен жерине орналасты. Олар сол жерде мүлик ийеси болды ҳәм өсип-өнип, жүдә көбейди.
28Яқып Мысырда он жети жыл жасады. Ол барлығы болып бир жүз қырық жети жыл өмир сүрди.
29Өлими жақынласқанда, Яқып улы Юсупти шақырып алып, оған былай деди:
– Маған мийрим көрсет. Санымның астына қолыңды қой да, маған жақсылық ислеп, садықлық көрсететуғыныңа ҳәм мени Мысырда жерлемейтуғыныңа ант иш. 30Мен қайтыс болғанымнан соң, мени Мысырдан алып кетип, ата-бабаларымның жанына жерле.
Юсуп әкесине:
– Мен айтқаныңыздай ислеймен, – деди.
31Израил оған:
– Маған ант иш! – деди.
Юсуп ант ишти. Израил төсегиниң бас ушында ийилип, Қудайға сыйынды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in