Лука 1
1
Алғы сөз
1Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим. 2Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди. 3-4Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлиматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым.
Шомылдырыўшы Яқыяның туўылыўы ҳаққында хабар
5Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зехария атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Элизабета еди. 6Олардың екеўи де Қудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийениң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди. 7Элизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де бираз жасқа барып қалған еди.
8Күнлердиң биринде өз топарының гезеги келип, Зехария Қудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда, 9руўханийлердиң әдети бойынша түтетки түтетиў ушын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти. 10Түтетки түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.
11Сонда Жаратқан Ийениң бир периштеси түтетки түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зехарияға көринди. 12Оны көрген Зехария қорқып, албырап қалды. 13Бирақ периште оған былай деди:
– Қорқпа, Зехария! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Элизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң. 14Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине көп адамлар қуўанады. 15Себеби ол Жаратқан Ийениң нәзеринде уллы адам болып, шарап та, басқа өткир ишимликлер де ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады. 16Ол Израил перзентлериниң көбисин олардың Қудайы Жаратқан Ийеге қайтарады. 17Әкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсиреди. Халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың#1:17 Илияс – Ийса Масийх туўылмастан бурын ІX әсирде жасаған пайғамбар. 3Пат 18:1-46; Мал 4:5-6. руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.
18Сонда Зехария периштеге:
– Булардың ырас екенин мен қаяқтан билемен? Өйткени мен ғаррыман, ҳаялым да бираз жасқа барып қалған, – деди.
19Периште оған жуўап берип:
– Мен Қудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сөйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен. 20Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сөзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сөйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.
21Сол ўақытта Зехарияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды. 22Зехария сыртқа шыққанда, халыққа сөйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян көргенин түсинди. Зехария тилден қалды ҳәм халық пенен ымлап сөйлести.
23Өзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зехария үйине қайтты.
24Арадан күнлер өткеннен соң, оның ҳаялы Элизабета ҳәмиледар болып, бес ай жасырынып жүрди. 25«Жаратқан Ийе маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.
Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар
26Элизабетаның ҳәмиледар болғанына алты ай толғанда, Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына, 27Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди. 28Периште үйге кирип, оған:
– Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийе сениң менен бирге#Лук 1:28 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң»., – деди.
29Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды. 30Периште оған былай деди:
– Қорқпа, Мәриям, сен Қудайдың мийримине еристиң! 31Мине, сен ҳәмиледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң. 32Ол уллы болып, Қудай Тааланың Улы деп аталады. Қудай Ийе Оған бабасы Даўыттың тахтын береди. 33Ол Яқыптың халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.
34Мәриям периштеден:
– Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.
35Периште оған жуўап берип:
– Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қудай Тааланың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала Қудайдың Улы деп аталады. 36Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Элизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмиледар болды. Оның ҳәмиледар болғанына алты ай толды. 37Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.
38Сонда Мәриям:
– Мен – Жаратқан Ийениң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди.
Соннан соң, периште оның жанынан кетти.
Мәриямның Элизабетаға барыўы
39Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен Яҳудияның таўлы үлкесиндеги бир қалаға кетти. 40Ол Зехарияның үйине кирип, Элизабетаға сәлем берди. 41Элизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Элизабета Мухаддес Руўхқа толып, 42даўыслап былай деди:
– Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған! 43Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен? 44Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди. 45Исенген ҳаял қандай бахытлы! Өйткени Жаратқан Ийениң оған айтқанлары орынланады. 46Сонда Мәриям былай деди:
«Жаным Жаратқан Ийени уллылайды.
47Қутқарыўшым Қудайда руўхым шадланады.
48Себеби Ол Өзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды.
Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды.
49Өйткени Қүдиретли Қудай маған уллы ислер иследи.
Оның аты мухаддес.
50Ол әўладтан-әўладқа,
Өзинен қорққанларға мийрим-шәпәәтин береди.
51Өз қолы менен қүдиретин көрсетип,
Кеўиллеринде менмен ойлары бар адамларды пытыратты.
52Ҳүкимдарларды тахттан түсирип,
Ғәрип-қәсерлерди жоқары көтерди.
53Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып,
Бай болғанларды қуры қол қайтарды.
54-55Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша,
Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте тутып,
Хызметшиси Израилға жәрдем етти».
56Мәриям Элизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти.
Шомылдырыўшы Яқыяның дүньяға келиўи
57Элизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды. 58Қоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийениң оған үлкен мийрим-шәпәәт көрсеткенин еситип, оның қуўанышын бөлисти.
59Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге#1:59 Жар 17:9-14. алып барды ҳәм оған Зехария деп, әкесиниң атын қоймақшы болды. 60Бирақ баланың анасы:
– Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди.
61Олар Элизабетаға:
– Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп, 62әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады.
63Зехария жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты. 64Сол ўақытта-ақ Зехария тилге кирип, Қудайды алғыслап сөйлей баслады. 65Әтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм Яҳудияның пүткил таўлы үлкеси бойлап усылар ҳаққында сөз тарқады. 66Еситкенлердиң ҳәммеси ойға шүмип: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийениң қүдирети оның менен бирге еди.
Зехарияның пайғамбаршылық жыры
67Нәрестениң әкеси Зехария Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди:
68«Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
Өйткени Ол келип, Өз халқы ушын төлем төлеп, оны қутқарды.
69-70Өзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен айтқанындай,
Ол бизлер ушын Өз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Қутқарыўшыны берди.
71Қудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек көриўшилердиң қолынан қутқарды.
72Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин көрсетип,
Өз мухаддес келисимин,
73Бабамыз Ибрайымға берген антын еске алды.
74-75Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып,
Өмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып,
Қорқпастан, Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди.
76Ал сен, балам, Қудай Тааланың пайғамбары деп аталасаң.
Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын таярлайсаң.
77Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң.
78-79Қараңғыда ҳәм өлим саясында жасап атырғанларға нур түсириў ушын,
Сондай-ақ бизлерге тынышлыққа қарай жол көрсетиў ушын,
Қудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады».
80Нәресте болса өсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында көринетуғын күнге дейин шөл далада жасады.
Currently Selected:
Лука 1: КркМК22
Highlight
Share
Copy
![None](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fimageproxy.youversionapistaging.com%2F58%2Fhttps%3A%2F%2Fweb-assets.youversion.com%2Fapp-icons%2Fen.png&w=128&q=75)
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022