Лука 2
2
Ийсаның туўылыўы
(Мат 1:18-25)
1Сол күнлери Рим императоры Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен өтиўи тийис, деген пәрман шығарды. 2Бул биринши дизимнен өтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды. 3Ҳәр бир адам дизимнен өтиў ушын өз қаласына барды.
4Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Өйткени ол Даўыттың урпағынан еди. 5Дизимнен өтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмиледар Мәриям да барды. 6Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып, 7туңғыш улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.
Шопанлар ҳәм периштелер
8Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде өз падасын далада қараўыллайтуғын еди. 9Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийениң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти. 10Периште оларға:
– Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман. 11Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Қутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масийх#2:11 Масийх – «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. Сөзликке қараң.. 12Оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди.
13Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Қудайды алғыслады:
14«Аспанда Қудай алғыслансын,
Жердеги Қудайға унайтуғын адамларға тынышлық болсын!»
15Периштелер аспанға көтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине:
– Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийениң бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны көрейик, – дести.
16Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупти ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты. 17Оны көрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди. 18Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сөзлерине таң қалысты. 19Ал Мәриям бул сөзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди. 20Шопанлар өзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-көргенлери ушын Қудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти.
21Арадан сегиз күн өтип, Нәрестени сүннет еткенде, Оның атын Ийса деп қойды. Мәриям ҳәмиледар болмасынан бурын, периште Оған усы атты берген еди.
Шимон ҳәм Аннаның Ийса менен ушырасыўы
22Муўсаның Нызамы бойынша тазаланыў күнлери тамам болғанда#2:22 Леб 12:1-8., Юсуп пенен Мәриям Ийсаны Жаратқан Ийеге арнаў ушын, Оны Ерусалимге алып келди. 23Өйткени Жаратқан Ийениң Нызамында: «Қарыннан биринши шыққан ҳәр бир ул Жаратқан Ийеге арналсын»#2:23 Шығ 13:2, 12., – деп жазылған. 24Және Жаратқан Ийениң Нызамында айтылғандай, олар «жуп қумыры ямаса еки жас кептерди»#2:24 Леб 12:8. қурбан етпекши болды.
25Сол ўақытта Ерусалимде Шимон атлы бир адам бар еди. Ол ҳақ ҳәм диншил адам болып, Израилдың тәселле табыўын интизарлық пенен күтип жүр еди. Мухаддес Руўх оған яр еди. 26Жаратқан Ийе жиберген Масийхты көрмегенше өлмейтуғынын оған Мухаддес Руўх алдын ала айтқан еди. 27Шимон Мухаддес Руўхтың басқарыўында Ибадатханаға келди. Ийсаның ата-анасы Мухаддес Нызам бойынша тийисли үрп-әдетлерди орынлаў ушын Оны Ибадатханаға алып келгенде, 28Шимон Оны қолына алып, Қудайды алғыслап былай деди:
29«О, Қүдиретли Ийем, Өзиң айтқаныңдай,
Енди қулыңды бул дүньядан тынышлық пенен жибересең.
30-31Себеби көзлерим Сениң ҳәмме халықлар ушын,
Таярлап қойған қутқарыўыңды көрди.
32Ол басқа миллетлердиң көзин ашатуғын нур болып,
Сениң халқың Израилға даңқ келтиреди».
33Нәрестениң ата-анасы Ол туўралы айтылған сөзлерге таң қалысты. 34Шимон оларға пәтиясын берип, Оның анасы Мәриямға:
– Мине, бул Нәресте Израилда көп адамлардың қулаўына ҳәм қайта тиклениўине себепши болады. Ол Ийемиздиң белгиси болып, Ол себепли көп талас-тартыслар келип шығады. 35Сонда көп адамлардың жүреклериниң түпкириндеги ой-қыяллары әшкара болып, ал сениң кеўлиңе ҳәсирет қылышы суғылады, – деди.
36Сол жерде Ашер урыўынан шыққан Пануелдиң қызы Анна атлы, жүдә қартайған бир пайғамбар ҳаял да бар еди. Ол турмысқа шыққаннан соң, күйеўи менен жети жыл жасады. 37Соңынан сексен төрт жасына дейин жесир болып, Ибадатханадан шықпай ораза тутып ҳәм дуўа етип, күни-түни Қудайға сыйынатуғын еди. 38Сол ўақытта ол да жақынлап келип, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм Ерусалимниң қутқарылыў күнин күткенлердиң ҳәммесине Нәресте ҳаққында айтып берди. 39Юсуп пенен Мәриям Жаратқан Ийениң Нызамы бойынша барлық тийисли нәрселерди орынлап болғаннан соң, Галиладағы өз қаласы Насыраға қайтып келди. 40Нәресте өсип, күш пенен ақыл-даналыққа толысып барды ҳәм Қудайдың мийрими Оның үстинде еди.
Ийсаның балалығы
41Ийсаның ата-анасы ҳәр жылы Қутқарылыў байрамында#2:41 Қутқарылыў байрамы – сөзликке қараң. Ерусалимге баратуғын еди. 42Ийса он еки жасқа толғанда, олар әдеттегидей Ерусалимге байрамлаўға келди. 43Байрам күнлери тамам болғаннан соң, олар үйине қарай жолға шықты, ал жас өспирим Ийса Ерусалимде қалып қойған еди. Бирақ буны ата-анасы билмеди. 44Олар Ийсаны басқалар менен киятыр деп ойлап, бир күнлик жолды басып өткеннен соң, Оны ағайинлери менен танысларының арасынан изледи. 45Таппағаннан кейин, Оны излеп Ерусалимге қайтып барды. 46Үш күннен соң, олар Ийсаны Ибадатханадан тапты. Ол диний муғаллимлердиң ортасында олардың сөзлерин тыңлап, сораўлар берип отырған еди. 47Тыңлап отырғанлардың ҳәммеси Оның ақылына ҳәм берген жуўапларына ҳайран қалысты. 48Ата-анасы Ийсаны көрип, аң-таң болды ҳәм анасы Оған:
– Балам, бул не қылғаның? Әкең менен екеўимиз қатты қайғырып, Сени изледик, – деди.
49Ийса оларға:
– Мени излеўдиң не кереги бар еди? Әкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе? – деди.
50Бирақ олар Ийсаның айтқан сөзлерин түсинбеди.
51Ийса олар менен бирге Насыра қаласына қайтып келип, олардың тилин алып жүрди. Ал Оның анасы болған ўақыялардың ҳәммесин кеўлинде сақлады. 52Ийсаның жасы да, ақыл-даналығы да өсип, Қудайдың ҳәм адамлардың сүйиспеншилигине бөленип барды.
Currently Selected:
Лука 2: КркМК22
Highlight
Share
Copy
![None](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fimageproxy.youversionapistaging.com%2F58%2Fhttps%3A%2F%2Fweb-assets.youversion.com%2Fapp-icons%2Fen.png&w=128&q=75)
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022