YouVersion Logo
Search Icon

Лука 3

3
Шомылдырыўшы Яқыяның ўазы
(Мат 3:1-12; Мрк 1:1-8; Юхн 1:19-28)
1Рим императоры Тибериустың ҳүкимдарлығының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды. 2Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зехарияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти. 3Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды#3:3 Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны. жәриялап жүрди. 4Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылған мына сөзлерге туўры келеди:
«Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи:
Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
5Барлық ойпатлықлар толтырылсын,
Таў-төбелер пәске шөксин,
Қыйсық жоллар дүзетилсин,
Будыр жерлер тегисленсин.
6Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди»#3:4-6 Ийш 40:3-5..
7Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди:
– Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8Егер сизлер тәўбе еткен болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады. 9Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
10Сонда халық оннан:
– Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
11Яқыя оларға:
– Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди.
12Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан:
– Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
13Яқыя оларға:
– Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди.
14Әскерлер де оннан:
– Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
Яқыя оларға:
– Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, өз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди.
15Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен:
– Бул Масийх емес пе екен? – деп ойлады.
16Яқыя ҳәммесине жуўап берип:
– Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 17Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
18Яқыя халыққа басқа да көп ескертиўлер берип, Хош Хабарды жәриялап жүрди. 19Үлке ҳүкимдары Ҳирод өз инисиниң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди. 20Ҳирод Яқыяны қаматып таслап, өзиниң бурынғы ислеген жаманлықларына және бир жаманлық қосты.
Ийсаның шомылдырылыўы
(Мат 3:13-17; Мрк 1:9-11)
21Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып, 22Мухаддес Руўх кептер пишининде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан:
– Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман!#3:22 Заб 2:7; Ийш 42:1. – деген саза еситилди.
Ийсаның шежиреси
(Мат 1:1-17)
23Ийса Өз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптиң улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Элий улы, 24Элий Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Яннай улы, Яннай Юсуп улы, 25Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳеслий улы, Ҳеслий Наггай улы, Наггай 26Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимей улы, Шимей Юсех улы, Юсех Юда улы, 27Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зеруббабел улы, Зеруббабел Шеалтиел улы, Шеалтиел Нерий улы, 28Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Қосам улы, Қосам Элмадам улы, Элмадам Эр улы, 29Эр Ешуа улы, Ешуа Элиезер улы, Элиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы, 30Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Эляким улы, 31Эляким Мелеа улы, Мелеа Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы, 32Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Сала улы, Сала Нахшон улы, 33Нахшон Амминадаб улы, Амминадаб Рам улы, Рам Хесрон улы, Хесрон Перес улы, Перес Яҳуда улы, 34Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы, 35Нахор Серуг улы, Серуг Реу улы, Реу Пелег улы, Пелег Эбер улы, Эбер Сала улы, 36Сала Кенан улы, Кенан Арпахшад улы, Арпахшад Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламех улы, 37Ламех Метушелах улы, Метушелах Энох улы, Энох Еред улы, Еред Маҳалалел улы, Маҳалалел Кенан улы, 38Кенан Энош улы, Энош Шет улы, Шет Адам-ата улы, ал Адам-ата Қудай улы.

Currently Selected:

Лука 3: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in