YouVersion Logo
Search Icon

Лука 4

4
Ийсаның сыналыўы
(Мат 4:1-11; Мрк 1:12-13)
1Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шөл далаға алып барды. 2Сол жерде шайтан Оны қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Сол кунлер өткеннен соң, ақыры аш болды.
3Сонда шайтан Ийсаға:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.
4Ийса оған жуўап берип:
– «Адам тек ғана нан менен жасамайды»#Лук 4:4 Базы қолжазбаларда «ал Қудайдың ҳәр бир сөзи арқалы» деген сөзлер де бар. #4:4 Нзм 8:3., – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
5Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип, 6Оған:
– Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Өйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен. 7Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
8Ийса оған жуўап берип:
– Мухаддес Жазыўда: «Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет»#Лук 4:8 Мухаддес Жазыўда – Базы қолжазбаларда бул сөздиң алдында «Жоқ бол, шайтан!» деген сөз де бар. #4:8 Нзм 6:13., – деп айтылған, – деди.
9Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла, 10себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. 11Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында алып жүреди»#4:10-11 Заб 90:11-12., – деди.
12Ийса шайтанға:
– «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!»#4:12 Нзм 6:16., – деп айтылған, – деди.
13Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти.
Ийсаның Галиладағы ўазы
(Мат 4:12-17; Мрк 1:14-15)
14Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дөгерекке тарқады. 15Ийса олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды.
Насыралылардың Ийсаны қабыл алмаўы
(Мат 13:53-58; Мрк 6:1-6)
16Ийса Өзи өскен Насыра қаласына келип, Өз әдети бойынша Шаббат күни мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда, 17Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына сөзлер жазылған жерди тапты:
18-19«Жаратқан Ийениң Руўхы Мениң үстимде.
Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын майлады#4:18-19 Майлады – Қудайдың тапсырған жумысы ушын майланып, тайынланыў..#Лук 4:18-19 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Мени жаралы жүреклерди емлеў ушын жиберди».
Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын,
Соқырлардың көретуғынын хабарлаўға,
Азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм
Жаратқан Ийениң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди»#4:18-19 Ийш 61:1-2..
20Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды. 21Ийса оларға сөйлей баслап:
– Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди.
22Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан жағымлы сөзлерге ҳайран қалысып:
– Бул – Юсуптиң баласы емес пе? – дести.
23Ийса оларға былай деди:
– Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, өзиңди өзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Өз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер. 24Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар өз ўатанында қабыл алынбайды. 25Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде көп жесир ҳаяллар бар еди. 26Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди#4:25-26 3Пат 17:1-24.. 27Сол сыяқлы, Элиша пайғамбардың заманында да Израилда тери кеселлигине шалынғанлар көп еди. Бирақ, тек сириялы Нааманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ#4:27 4Пат 5:1-14., – деди.
28Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди. 29Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды. 30Бирақ Ийса олардың арасынан өтип, Өз жолына түсти.
Ийсаның жинди қуўып шығарыўы
(Мрк 1:21-28)
31Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм Шаббат күни халыққа тәлим берди. 32Халық Ийсаның тәлимине таң қалды, себеби Оның сөзинде бийлик бар еди.
33Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып:
34– О, насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деди.
35Ийса оған кейип:
– Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди.
Сонда жин ҳәммениң көз алдында адамды жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти.
36Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине:
– Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди, – дести.
37Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды.
Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи
(Мат 8:14-17; Мрк 1:29-34)
38Ийса мәжилисханадан шығып, Шимонның үйине барды. Шимонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны көриўди өтиниш етти. 39Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти.
40Қуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселликлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди. 41Көп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Қудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сөйлеўге тыйым салды. Өйткени олар Оның Масийх екенин билетуғын еди.
Ийсаның мәжилисханаларда ўаз айтыўы
42Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм өзлерин таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды. 43Бирақ Ийса оларға:
– Қудайдың Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди.
44Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди.

Currently Selected:

Лука 4: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in