Лука 5
5
Ийсаның дәслепки шәкиртлери
(Мат 4:18-22; Мрк 1:16-20)
1Бир күни Ийса Геннесарет көлиниң жағасында турғанда, халық Қудайдың сөзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды. 2Сонда Ийса көлдиң жағасында турған еки қайықты көрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди. 3Қайықлардың бири Шимонға тийисли еди. Ийса оған минип, Шимоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын өтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады.
4Сөзин тамамлағаннан соң, Шимонға:
– Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди.
5Шимон Оған жуўап берип:
– Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, – деди.
6Олар усылай ислегенде, көп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады. 7Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды.
8Буны көрген Шимон Петр Ийсаның аяғына жығылып:
– Ийем! Мениң қасымнан кет, өйткени мен гүнакар адамман, – деди.
9Себеби өзлериниң буншама көп балық аўлағанына өзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди. 10Шимонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Шимонға:
– Қорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын аўшы#5:10 Адамларды аўлайтуғын аўшы – Қудайдың жолына түсириўши. боласаң, – деди.
11Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
Ийсаның тери кеселлигине шалынған адамға шыпа бериўи
(Мат 8:1-4; Мрк 1:40-45)
12Ийса бир қалада болғанда, тери кеселлиги пүткил денесин қаплаған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да:
– Ийем! Егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деп жалынды.
13Ийса қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
Ол сол ўақытта-ақ тери кеселлигинен тазаланды.
14Ийса оған:
– Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер#5:14 Леб 14:1-32., – деп буйырды.
15Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да көбирек жайылды. Көп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди. 16Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди.
Ийсаның ләң адамға шыпа бериўи
(Мат 9:1-8; Мрк 2:1-12)
17Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер#5:17 Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары. менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийениң қүдирети бар еди. 18Сонда биреўлер ләң болған адамды төсеги менен көтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты. 19Адамлардың көплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Тамның басын ашты да, ләң адамды төсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди. 20Ийса олардың исенимин көрип:
– Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди.
21Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Қудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады.
22Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға:
– Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? 23Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме? 24Бирақ, Адам Улының#5:24 Адам Улы – Ийса Масийх Өзин көбинесе усылай атады, сөзликке қараң. жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
25Сонда ләң адам ҳәммениң көз алдында дәрҳал орнынан турып, өзи жатқан төсегин алды да, Қудайды алғыслап үйине қайтты. 26Ҳәмме қатты таң қалысып, Қудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып:
– Бизлер бүгин таң қаларлық ислер көрдик, – дести.
Ийсаның Лебийди шақырыўы
(Мат 9:9-13; Мрк 2:13-17)
27Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий#5:27 Лебий – Матта деп те танылған. Мат 9:9 қараң. атлы салықшыны көрди де, оған:
– Изиме ер! – деди.
28Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
29Лебий өз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат берди. Олар менен бирге көплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды. 30Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип:
– Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? – деди.
31Ийса оларға жуўап берип:
– Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. 32Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди.
Ораза ҳаққында сораў
(Мат 9:14-17; Мрк 2:18-22)
33Олар Ийсаға:
– Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди.
34Ийса оларға:
– Күйеў өзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма? 35Бирақ, олардан күйеў тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди.
36Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди:
– Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди. 37Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бүлинеди. 38Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек#Лук 5:38 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сонда екеўи де сақланады».. 39Ҳеш ким ески шарапты ишип көрип, жаңасын қәлемейди: өйткени «ескиси жақсырақ», – дейди.
Currently Selected:
Лука 5: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022