Мухаддес Руўх Филипке:
– Барып, сол арбаға жақынлас, – деди.
Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип:
– Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады. Эфиопиялы:
– Биреў маған жол-жорық көрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды өтиниш етти.