Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып:
– Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда көринген Ийемиз Ийса көзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди.
Сол ўақытта-ақ көзлеринен перде түскендей болып, Саул және көре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм