Елшилер 9
9
Тоғызыншы бап
Саулдың тәўбе етиўи
1Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле өлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да, 2Дамасктағы мәжилисханаларға#9:2 Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны. хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди. 3Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди. 4Саул жерге жығылып:
– Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти.
5Саул:
– Сен кимсең, Ийем? – деп сорады.
– Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. 6Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, – деген даўыс еситилди.
7Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди көрмеген еди. 8Саул жерден турды. Бирақ көзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе көре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды. 9Оның көзлери үш күн бойы көрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди.
10Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған көринип:
– Ханания, – деди.
– Усы жердемен, Ийем, – деп жуўап берди ол.
11Ийемиз оған:
– Орныңнан тур да, «Туўры көше» деген көшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр. 12Ол өзине көрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, көзлериниң қайтадан көриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин көрген еди, – деди.
13Ханания жуўап берип:
– Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе#9:13 Яғный: Ийсаға исениўшилерге. қанша жаманлық ислегенин мен көп адамлардан еситкен едим. 14Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди.
15Ийемиз оған:
– Бар! Өйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым. 16Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Өзим оған көрсетемен, – деди.
17Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып:
– Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда көринген Ийемиз Ийса көзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди.
18Сол ўақытта-ақ көзлеринен перде түскендей болып#9:18 Сөзбе-сөз: балықтың қабыршағы сыяқлы бир нәрсе түсип., Саул және көре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм 19аўқат жеп, күшке енди.
Саул Дамаскта ҳәм Ерусалимде
Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды. 20Ол дәрҳал Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады. 21Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести.
22Бирақ Саул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масих екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскта жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди.
23Арадан көп күнлер өткенде, яҳудийлер Саулды өлтириўге тил бириктирди. 24Бирақ, олардың бул нийети Саулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны өлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды. 25Деген менен, Саулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди.
26Саул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди. 27Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Саулдың жолда Ийемизди қалай көргенин, Ийемиздиң оның менен сөйлескенин ҳәм оның Дамаскта қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди. 28Солай етип, Саул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди. 29Ол грекше сөйлейтуғын яҳудийлер менен сөйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Саулды өлтириўге ҳәрекет етти. 30Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди.
31Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны өсе берди.
Петрдиң ләң болған адамға
шыпа бериўи
32Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын исениўшилерди көриўге келди. 33Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери төсек тартып жатырған Еней атлы бир адамды көрди. 34Петр оған:
– Еней, Ийса Масих саған шыпа береди. Орныңнан турып, төсегиңди жыйна, – деди.
Еней сол ўақытта-ақ орнынан турды. 35Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны көрип, Ийемиздиң жолына түсти#9:35 Ямаса: Ийемизге қайтты..
Петрдиң Тавитаны тирилтиўи
36Яффада Ийсаның шәкирти болған Тавита атлы бир ҳаял бар еди. Тавита – грекше «Доркас», яғный «кийик» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди. 37Сол күнлери Тавита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бөлмеге қойды. 38Лидда Яффаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп өтиниш етти.
39Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бөлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың өзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен көйлеклерин оған көрсетти.
40Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан өлиге бурылып:
– Тавита, орныңнан тур! – деди.
Ҳаял көзлерин ашты да, Петрди көрип, тикейип отырды. 41Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан исениўшилер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Тавитаны оларға көрсетти. 42Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Яффаға мәлим болып, көп адамлар Ийемизге исенди. 43Петр көп күн Яффада, Симон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды.
S'ha seleccionat:
Елшилер 9: KrkNT
Subratllat
Comparteix
Copia

Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió
© Библия аўдарыў институты, 2004