Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да:
– Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды.
Ийса қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды.