Матта 12
12
Он екинши бап
Дем алыс күни ҳаққында тартыс
1Сонда бир дем алыс күни#12:1 Сөзбе-сөз: шемби күни. Мухаддес Нызам бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни. Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады. 2Буны парисейлер көрип, Оған:
– Қара, Сениң шәкиртлериң дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
3Ийса оларға:
– Өзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? 4Ол Қудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа өзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, Қудайға арналған нанларды жеген емес пе?#12:3-4 Патшалық ҳаққында 1-китап 21:6. 5Дем алыс күнинде руўханийлер Ибадатханада дем алыс күни ҳаққында Мухаддес Нызамды бузса да гүнасыз болатуғынларын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма?#12:5 Санлар 28:9-10. 6Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар. 7Егер сизлер: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен»#12:7 Осия 6:6., – деген сөздиң мәнисин түсинсеңлер, гүнасызларды айыпламас едиңлер. 8Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
9Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди. 10Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды:
– Дем алыс күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме?
11Ийса оларға:
– Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол дем алыс күни бир шуқырға түсип кеткенде, оны шығарып алмай ма? 12Адам қойдан гөре, анағурлым артық емес пе? Демек, дем алыс күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди.
13Соңынан Ол қолы ләң адамға:
– Қолыңды соз! – деди.
Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды. 14Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады.
Қудайдың таңлаған Хызметшиси
15Бирақ Ийса буны билип, сол жерден кетип қалды. Оның изине көп халық ерип жүрди. Ол аўырыўлардың ҳәммесине шыпа берип, 16Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қадаған ететуғын еди. 17Бул Қудайдың Ийшая пайғамбар арқалы айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды:
18 «Бул – таңлап алған Хызметшим,
Кеўлим унатқан Сүйиклим.
Мен Өз Руўхымды Оған беремен.
Ол ҳәмме халықларға әдилликти # 12:18 Сөзбе-сөз: Қудайдың ҳүкимин ҳәм қутқарылыў туўралы. жәриялайды.
19 Тартыспайды да, бақырмайды да,
Оның даўысы көшелерде еситилмейди.
20 Әдиллик жеңиске ериспегенше,
Ол бүгилген қамысты сындырмайды
ҳәм пысқып турған пиликти өширмейди.
21 Халықлар Оның атынан үмит етип жасайды» # 12:18-21 Ийшая 42:1-4. .
Қудайдың Руўхына қарсы болмаў
туўралы ескертиў
22Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың көзи ашылып, сөйлей баслады. 23Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып:
– Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести.
24Буны еситкен парисейлер:
– Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – дести.
25Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди:
– Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды. 26Ал егер шайтан өзин өзи қуўып шығарса, онда оның өз ара қарсы болып бөлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады? 27Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 28Бирақ Мен жинлерди Қудайдың Руўхы менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлерге Қудай Патшалығының жетип келгени.
29Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо.
30Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады. 31Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди. 32Ким де ким Адам Улына қарсы бир сөз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сөйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди.
33Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди. 34Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер өзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сөзлер сөйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо. 35Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. 36Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сөзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт. 37Өйткени сен өз сөзлериң менен ақланасаң да, өз сөзлериң ушын айыпланасаң да.
Ийсадан кәраматлы белги
көрсетиўин сораў
38Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға:
– Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди.
39Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды:
– Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди. 40Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады. 41Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. 42Қубладағы ҳаял патша да ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Өйткени ол Сулайманның даналығын еситиў ушын жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
Қайтып келген жаўыз руўхлар
43– Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди, бирақ таба алмайды. 44Сонда ол өзине: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди ҳәм қайтып келгенде, үйдиң бос болып, тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди. 45Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Бул жаман әўладқа да сондай болады!
Ийсаның анасы
ҳәм туўысқанлары
46Ийса халыққа сөйлеп турғанда, анасы менен туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сөйлеспекши болды. 47Сонда биреў Оған:
– Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сөйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди.
48Ол буны айтқан адамға қарап:
– Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, 49Өзиниң шәкиртлерин қолы менен көрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! 50Себеби ким де ким Мениң аспандағы Әкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол.
Chwazi Kounye ya:
Матта 12: KrkNT
Pati Souliye
Pataje
Kopye
Ou vle gen souliye ou yo sere sou tout aparèy ou yo? Enskri oswa konekte
© Библия аўдарыў институты, 2004

: