Матта 15

15
Он бесинши бап
Адамларды не ҳарамлайды?
1Сонда Ийсаның қасына Ерусалимнен парисейлер менен диний муғаллимлер келип, Оған:
2– Не ушын Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған дәстүрлерди бузып жүр? Олар нан жеўден алдын қолларын жуўмайды-ғо, – деди.
3Ийса оларға жуўап берип, былай деди:
– Сизлер не ушын дәстүрлериңиз себепли Қудайдың буйрығын бузасызлар? 4Себеби Қудай: «Ата-анаңды сыйла»#15:4 Шығыў 20:12; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16. ҳәм: «Ким де ким әкесине ямаса анасына жаман сөз айтса, ол өлтирилсин»#15:4 Шығыў 21:17; Лебий 20:9. деп буйрық берген. 5Ал сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Сизлерге беретуғынымды Қудай жолына қурбан етип бағышлайман“, десе, 6ол әкесин ямаса анасын сыйламаса да болады», – дейсизлер. Солай етип, дәстүрлериңиз себепли, сизлер Қудайдың сөзин бийкар етип атырсызлар. 7Ҳәй, еки жүзлилер! Ийшая пайғамбар сизлер туўралы алдын ала дурыс айтқан:
8 «Бул халық сыйлар Мени тили менен,
Ал кеўиллери тур Меннен алыс.
9 Олар Маған босқа сыйынып,
Адам ойлап тапқан парызларды үйретер» # 15:8-9 Ийшая 29:13. .
10Соңынан Ийса халықты шақырып алып, оларға:
– Тыңлап, түсинип алыңлар: 11адамды оның аўзына енген нәрсе емес, ал аўзынан шыққан нәрсе ҳарамлайды, – деди.
12Сонда Оның шәкиртлери қасына келип, Оннан:
– Бул сөзди еситкенде, парисейлердиң ашыўланып қалғанын билдиң бе? – деп сорады.
13Ийса оларға:
– Аспандағы Әкем екпеген ҳәр бир өсимлик түп-тамыры менен жулып тасланады. 14Оларды қойыңлар. Олар – соқырлардың соқыр жетелеўшилери. Егер соқырды соқыр жетелесе, екеўи де шуқырға қулап түседи, – деди.
15Петр Оған:
– Бул тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди.
16Ийса оларға:
– Сизлер еле түсинбей турсызлар ма? 17Аўызға енгенниң ҳәммеси қарынға баратуғынын, оннан соң сыртқа шығып қалатуғынын түсинбейсизлер ме? 18Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы. 19Өйткени жаманлық ойлаў, адам өлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, бузық болыў, урлық ислеў, жалған гүўалық бериў ҳәм масқаралаў кеўилден шығады. 20Адамды ҳарамлайтуғын усылар. Ал қол жуўмай аўқат ишиў адамды ҳарамламайды, – деди.
Кананлы ҳаялдың исеними
21Ийса сол жерден шығып, Тир ҳәм Сидон үлкесине кетти. 22Сол үлкелерден кананлы бир ҳаял келип, Оған:
– Ийем, Даўыттың Урпағы, маған реҳим ете гөр! Мениң қызымды жин урып, қатты қыйналып атыр, – деп бақырды.
23Бирақ Ийса оған ҳеш нәрсе айтпады. Сонда шәкиртлери қасына келип, Оннан:
– Оны жибер, изимизден бақырып киятыр-ғо, – деп өтинди.
24Ийса:
– Мен тек Израилдың жоғалған қойларына жиберилгенмен, – деп жуўап қайтарды.
25Сонда ҳаял келип, Оның аяғына жығылды да:
– Ийем! Маған жәрдем ете гөр! – деп жалынды.
26Ийса оған жуўап берип:
– Балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
27Ҳаял:
– Аўа, Ийем, солай. Бирақ ийтлер де хожайынларының дастурханынан түскен усақларды жейди-ғо, – деди.
28Сонда Ийса оған:
– Ҳәй, ҳаял, сениң исенимиң күшли екен, тилегениң болсын, – деди.
Оның қызы сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
Ийсаның төрт мың
адамды тойғызыўы
29Ийса сол жерден кетип, Галила теңизине келди ҳәм таўға шығып отырды. 30Сонда Оның қасына көп халық жыйналып қалды. Олар өзлери менен бирге ақсақларды, соқырларды, майыпларды, гүңелеклерди ҳәм басқа да аўырыў адамларды Ийсаның алдына алып келди. Ийса оларға шыпа берди. 31Солай етип, гүңелеклердиң тиллери шығып, майыплардың жазылып, ақсақ болғанлардың жүрип, соқырлардың көзлери ашылып кеткенлигин көрген халық аң-таң болысып, Израилдың Қудайына алғыс айтты.
32Ийса шәкиртлерин жанына шақырып алып, оларға:
– Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. Оларды аш ҳалында жибергим келмейди, себеби жолда ҳәлсиреп қалыўы мүмкин, – деди.
33Шәкиртлери:
– Усыншама халықты тойғыза аларлықтай, бир елсиз далада нанды қаяқтан табамыз? – дести.
34Ийса олардан:
– Неше наныңыз бар? – деп сорады.
Олар:
– Жетеў, және бир неше киши балық та бар, – деп жуўап берди.
35Соңынан Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. 36Жети нанды ҳәм балықларды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. 37Олардың ҳәммеси жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап алып, үлкен жети себет толтырды. 38Жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа төрт мың адам еди.
39Соннан соң, Ийса халықты тарқатып жиберди де, қайыққа минип, Магдала дөгерегине кетти.

Chwazi Kounye ya:

Матта 15: KrkNT

Pati Souliye

Pataje

Kopye

None

Ou vle gen souliye ou yo sere sou tout aparèy ou yo? Enskri oswa konekte