Матта 17
17
Он жетинши бап
Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи
1Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, оларды бир бийик таўға ертип шықты. 2Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды. 3Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сөйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар көринди. 4Сонда Петр Ийсаға:
– Ийем, бизиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
5Ол еле сөйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан:
– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
6Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бет-әлпетинен жерге жығылды. 7Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де:
– Турыңлар, қорқпаңлар! – деди.
8Олар көзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
9Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға:
– Адам Улы өлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды.
10Сонда олар:
– Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
11Ийса оларға:
– Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди. 12Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди.
13Сонда шәкиртлери Ийсаның Шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди.
Жин урған баланың шыпа табыўы
14Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де:
15– Ийем, мениң улыма реҳим ете гөр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады. 16Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди.
17Ийса жуўап қайтарып:
– Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди.
18Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
19Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип:
– Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
20Ийса оларға:
– Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай#17:20 Қышқыл туқым – горчица. Ең кишкене туқым. ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди. [21]#17:21 Басқа нусқада мына аят бар: «Бирақ, жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў ҳәм ораза тутыў арқалы қуўып шығарыўға болады».
Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи
ҳаққында және билдириўи
22Шәкиртлериниң ҳәммеси Галилада болғанда, Ийса оларға:
– Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи. 23Олар Оны өлтиреди, бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
Буған олар қатты қапа болды.
Ибадатхана салығы
24Олар Капарнаҳумға келгенде, еки драхмалық#17:24 Драхма – грек ақша бирлиги. Бир драхма – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы. Ибадатхана салығын жыйнаўшылар Петрдиң жанына келип, оннан:
– Сизлердиң Устазыңыз Ибадатхана салығын төлемей ме екен? – деп сорады.
25Петр:
– Аўа, төлейди, – деди.
Ол үйге келгенде, Ийса оннан бурын:
– Симон, сен қалай ойлайсаң? Жер бетиниң патшалары бажылар менен салықты кимлерден алады? Өз балаларынан ба ямаса басқа адамлардан ба? – деп сорады.
26Петр:
– Басқа адамлардан, – деди.
Ийса:
– Олай болса, патшаның балалары салық төлеўден азат. 27Бирақ, оларды түсинбеўшиликке салмаўымыз ушын, теңизге бар да, қармақ салып, ең биринши илинген балықты ал. Оның аўзын ашсаң, төрт драхмалық бир гүмис теңгени табасаң. Оны алып, Мениң менен өзиң ушын оларға төле, – деди.
Chwazi Kounye ya:
Матта 17: KrkNT
Pati Souliye
Pataje
Kopye
Ou vle gen souliye ou yo sere sou tout aparèy ou yo? Enskri oswa konekte
© Библия аўдарыў институты, 2004

: