Матта 23

23
Жигирма үшинши бап
Ийсаның диний муғаллимлер менен
парисейлерди айыплаўы
1Сонда Ийса халыққа ҳәм Өзиниң шәкиртлерине былай деди:
2– Муўсаның орынлығына диний муғаллимлер менен парисейлер отырды. 3Сонлықтан олардың сизлерге айтқанларының ҳәммесин де орынлаңлар. Бирақ, олардың ислегенин ислемеңлер. Себеби олар айтады, бирақ айтқанларын өзлери ислемейди. 4Олар көтере алмайтуғын аўыр жүклерди байлап, адамлардың ийинлерине жүклейди. Ал өзлери оларды бармағы менен де қозғағысы келмейди. 5Олар барлық ислерин адамлардың көзине түсиў ушын ғана ислейди. Маңлайларына ишлеринде Мухаддес Нызам аятлары жазылған қутыларын үлкен етип байлап, кийимлериниң шашақларын узын етип қояды. 6Олар тойларда төрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырыўды жақсы көреди. 7Базарда адамлардың өзлерине сыйлап сәлем бериўин ҳәм өзлерин «устаз» деп атаўын унатады. 8Ал сизлер өзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз. 9Жер жүзинде ҳеш кимди де «әке» деп атамаңлар#23:9 Сөзбе-сөз: өз әкеңнен басқа адамды «әке» деп атама., өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Әкеңиз бар, Ол аспанда. 10Өзлериңизди «жолбасшы» деп те ататпаңлар, себеби сизлердиң жалғыз-ақ жолбасшыңыз бар, Ол – Масих. 11Араңыздағы ең уллыңыз сизлердиң хызметшиңиз болсын. 12Өйткени ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады.
13Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби сизлер адамларға Аспан Патшалығының есигин жабасызлар. Өзлериңиз де кирмейсизлер, киргиси келгенлерди де киргизбейсизлер. [14]#23:14 Басқа нусқада мына аят бар: «Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби жесирлердиң үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етиўши сизлер бул ушын аўыр жаза аласызлар».
15Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер өз диниңизге бир адамды болса да енгизиў ушын теңизди де, қурғақлықты да айланып шығасызлар. Егер биреў енген болса, оны өзлериңизден де еки есе жаман дозақы қыласызлар.
16Ҳәсирет шегесизлер, соқыр жетелеўшилер! Сизлер былай дейсизлер-ғо: «Ким де ким Ибадатхана менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким Ибадатханадағы алтын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли». 17Ҳәй, ақылсыз соқырлар! Қайсысы уллырақ: алтын ба ямаса алтынды мухаддес қылатуғын Ибадатхана ма? 18Және де: «Ким де ким қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким оның үстиндеги қурбанлық пенен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли», – дейсизлер. 19Ҳәй, соқырлар! Қайсысы уллырақ: қурбанлық па ямаса қурбанлықты мухаддес қылатуғын қурбанлық шалынатуғын орын ба? 20Солай етип, қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етиўши адам орын менен де, орынның үстиндегилердиң ҳәммеси менен де ант еткен болады. 21Ибадатхана менен ант етиўши адам Ибадатхана менен де, онда жасайтуғын Қудай менен де ант еткен болады. 22Аспан менен ант етиўши адам Қудайдың тахты менен де, оның үстинде отырған Қудай менен де ант еткен болады.
23Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер жалбыз, анис, зийре сыяқлы өсимликлердиң оннан бирин Қудайға бересизлер, бирақ Мухаддес Нызамдағы ең баслыларына: әдилликке, мийрим-шәпәәтке ҳәм садықлыққа кеўил бөлмейсизлер. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо. 24Ҳәй, ширкейди сүзип таслап, түйени жутатуғын соқыр жетелеўшилер!
25Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер табақ-кеселердиң сыртын тазалайсызлар, бирақ олардың иши нәпсиқаўлық ҳәм жүўенсизликке толған-ғо. 26Ҳәй, соқыр парисей! Сен дәслеп табақ-кесениң ишин тазала, сонда олардың сырты да таза болады.
27Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ҳәкленген қәбирлерге уқсайсызлар: олар сыртынан сулыў болып көринсе де, иши өликлердиң сүйеклери менен патаслыққа толған-ғо. 28Сол сыяқлы сизлер де сыртыңыздан адамларға өзлериңизди ҳақ адам етип көрсетесизлер, бирақ ишлериңиз еки жүзлилик пенен жаўызлыққа#23:28 Сөзбе-сөз: нызамсызлыққа. толы.
Жазаларыңызды тартасызлар!
29– Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Ҳақ адамлардың естеликлерин безеп: 30«Егер де ата-бабаларымыздың заманында өмир сүргенимизде, пайғамбарлардың қанын төгиўлерине оларға шериклес болмас едик», – дейсизлер. 31Солай етип, өзлериңиздиң пайғамбарларды өлтиргенлердиң урпағы екенлигиңизди дәлиллейсизлер. 32Ата-бабаларыңыздың ислеген гүналарының мөлшерин толықтыра бериңлер! 33Жыланлар, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер қалай етип дозақ жазасынан қашып қутылмақшысызлар? 34Сол себепли Мен сизлерге пайғамбарларды, даналарды, диний муғаллимлерди жиберемен. Сизлер олардың гейбиреўлерин өлтиресизлер, гейбиреўлерин атанақ ағашқа шегелейсизлер, басқаларын мәжилисханаларыңызда қамшылап, қаладан-қалаға қуўдалайсызлар. 35Солай етип, ҳақ Абылдың қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық шалынатуғын орынның арасында сизлер өлтирген Барақияның улы Зекерияның қанына дейин, жер бетинде төгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди. 36Сизлерге шынын айтып турман: булардың ҳәммеси ушын усы әўлад жазаға тартылады.
Ийсаның Ерусалим
туўралы қайғырыўы
37– Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 38Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. 39Сизлерге айтатуғыным: «Қудайдың атынан Келиўши жарылқанған!»#23:39 Забур 117:26. – деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып көрмейсизлер.

Chwazi Kounye ya:

Матта 23: KrkNT

Pati Souliye

Pataje

Kopye

None

Ou vle gen souliye ou yo sere sou tout aparèy ou yo? Enskri oswa konekte