Матта 26
26
Жигирма алтыншы бап
Ийсаны өлтириў ушын
тил бириктириў
1Ийса усы сөзлердиң ҳәммесин айтып болғаннан кейин, Өз шәкиртлерине:
2– Енди еки күннен соң, Қутқарылыў байрамы#26:2 Қутқарылыў байрамы – еврей тилинде «Пасха», «өтиў» дегенди билдиреди. болатуғынын билесизлер. Сонда Адам Улы атанақ ағашқа шегелениўге услап бериледи, – деди.
3Сол ўақытта бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары Каяфа деген бас руўханийдиң ҳәўлисине жыйналды. 4Олар Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип алып өлтириў ҳаққында тил бириктирди. 5Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
Ийсаның басына
әтир май қуйылыўы
6Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде 7дастурхан басында отырғанда, қолында қымбатлы әтир майға толған мәрмер ыдысы бар бир ҳаял Оның қасына келип, әтир майды Оның басына қуйды. 8Буны көрген шәкиртлери ашыўланып:
– Бундай ысырапкершиликтиң неге кереги бар? 9Бул әтир майды қымбатқа сатып, ақшасын жарлыларға үлестириўге болар еди-ғо, – дести.
10Бирақ Ийса буны еситип, оларға:
– Бул ҳаялды неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо. 11Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 12Ол бул әтир майды денеме қуйып, Мени жерлеўге таярлады. 13Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
Яҳуданың сатқынлығы
14Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири болған Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып:
15– Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады.
Олар оған отыз гүмис теңге усынды. 16Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
Ийсаның Өз шәкиртлери менен
Қутқарылыў байрамының асын жеўи
17Ашытқысыз нан байрамының#26:17 Ашытқысыз нан байрамы – Қутқарылыў байрамы. биринши күнинде Ийсаның шәкиртлери Оған келип:
– Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын қай жерде таярлық көриўимизди қәлейсең? – деп сорады.
18Ол жуўап берип былай деди:
– Қаладағы пәленше деген адамға барып, оған: «Устазымыз: „Мениң күним жақынлап қалды. Шәкиртлерим менен бирге байрам аўқатын сениң үйиңде жеймен“, деди», – деп айтыңлар.
19Шәкиртлери Ийсаның тапсырғанын ислеп, байрам аўқатын таярлады.
20Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 21Олар аўқатланып отырғанда, Ийса оларға:
– Сизлерге шынын айтып турман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
22Сонда олар қатты қапа болып, биринен соң бири Оннан:
– Мен емеспен бе, Ийем? – деп сорай баслады.
23Ийса оларға жуўап берип:
– Мениң менен бирге табаққа қолын салғанның өзи Маған сатқынлық ислейди. 24Деген менен, Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
25Сонда Оған сатқынлық қылатуғын Яҳуда:
– Мен емеспен бе, Устаз? – деди.
Ийса оған:
– Буны сен өзиң айттың, – деп жуўап берди.
Ийсаның соңғы кешеси
26Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де:
– Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди.
27Соңынан Ол кесени қолына алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оларға кесени берип былай деди:
– Ҳәммеңиз буннан ишиңлер! 28Себеби бул – көп адамның гүналарының кеширилиўи ушын төгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. 29Сизлерге айтатуғыным: Әкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен.
30Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
Петрдиң Ийсадан таныўы
туўралы болжаў
31Сонда Ийса оларға:
– Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған:
«Шопанды урғанымда,
Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди» # 26:31 Зекерия 13:7. .
32Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
33Петр Оған жуўап берип:
– Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди.
34Ийса оған:
– Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
35Петр Оған:
– Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди.
Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди.
Ийсаның Гетсеманиде
дуўа етиўи
36Соңынан Ийса шәкиртлери менен бирге Гетсемани деген жерге келип, оларға:
– Мен ана жерге барып дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
37Өзи менен бирге Петрди ҳәм Зебедейдиң еки улын алып кетти де, қайғырып қыйнала баслады. 38Сонда Ийса оларға:
– Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди.
39Соңынан Ол бираз шетирек барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады:
– Әкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен өтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын!
40Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге:
– Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма? 41Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
42Ийса екинши рет барып, және былай деп дуўа етти:
– Әкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен өте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын.
43Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди.
44Оларды қалдырып, және барып, үшинши рет те сол сөзлерин қайталап дуўа етти. 45Соңынан шәкиртлериниң қасына қайтып келип, оларға:
– Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Мине, ўақыт болды, Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 46Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
Ийсаның қолға алыныўы
47Ийса еле сөйлеп турғанда, он екиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары жиберген жүдә көп адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 48Ийсаға сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны қолға алыңлар», – деген еди.
49Ол дәрриў Ийсаның қасына барып:
– Ассалаўма әлейкум, Устаз! – деп Оны сүйди.
50Ийса оған:
– Ҳәй, достым, неге келдиң? – деди.
Сонда олар Ийсаға жақынлап келди де, Оған қол салып услап алды. 51Сол ўақытта-ақ Ийса менен бирге болғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 52Бирақ Ийса оған:
– Қылышыңды қынабына салып қой! Қылыш көтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады. 53Сен егер Мен ҳәзир Әкемнен сорасам, Ол Маған он еки легионнан#26:53 Бир легион – Рим армиясында 6000 әскерден ибарат әскерий топар. да артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба? 54Бирақ егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сөзлер қалайынша орынланар еди? – деди.
55Сонда Ийса халыққа:
– Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни Ибадатханада отырып тәлим беретуғын едим, бирақ сизлер Мени усламадыңлар. 56Усылардың ҳәммеси пайғамбарлардың Жазыўларының орынланыўы ушын болды, – деди.
Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
Ийса жоқарғы кеңес алдында
57Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди. 58Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын көриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды. 59Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи. 60Көплеген жалған гүўалар келсе де, таба алмады. Ақырында еки жалған гүўа келип:
61– Ол: «Қудайдың Ибадатханасын бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклей аламан», – деп айтты, – деди.
62Сонда бас руўханий орнынан турып, Ийсадан:
– Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
63Бирақ Ийса үндемеди. Сонда бас руўханий Оған:
– Мен Саған тири Қудайдың аты менен буйыраман. Бизлерге айтшы: Қудайдың Улы, Масих – Сенбисең? – деп сорады.
64Ийса оған:
– Өзиң айттың. Сизлерге айтатуғыным: усы ўақыттан баслап, сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң#26:64 Қүдиретлиниң – Қудайдың. оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көресизлер, – деди.
65Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып:
– Ол Қудайға тил тийгизди-ғо! Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? Сизлер ҳәзир Оның Қудайға тил тийгизгенин өзлериңиз еситтиңиз-ғо! 66Сизлердиң ҳүкимиңиз қандай болады? – деп сорады.
Олар жуўап қайтарып:
– Ол өлим жазасына тартылыўы тийис, – деди.
67Сонда олар Оның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып, 68Оған:
– Ҳәй, Масих! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди.
Петрдиң Ийсадан үш рет таныўы
69Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип:
– Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
70Бирақ ол ҳәммениң алдында танып:
– Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди.
71Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз көрип, сол жердегилерге:
– Мына адам Насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди.
72Ол ант ишип:
– Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды.
73Бираздан кейин, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған:
– Шынында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур-ғо, – деди.
74Сонда Петр:
– Шынын айтып турман, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишип, өзин өзи ғарғай баслады.
Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. 75Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.
Chwazi Kounye ya:
Матта 26: KrkNT
Pati Souliye
Pataje
Kopye
Ou vle gen souliye ou yo sere sou tout aparèy ou yo? Enskri oswa konekte
© Библия аўдарыў институты, 2004