Матта 3
3
Үшинши бап
Шомылдырыўшы Яқыяның
Хош Хабарды жәриялаўы
1Сол күнлери Шомылдырыўшы Яқыя келип, Яҳудия үлкесиниң шөл даласында:
2– Тәўбе етиңлер!#3:2 Тәўбе етиңлер! – Терис жолларыңыздан қайтып, Қудайдың жолына түсиңлер! Өйткени Аспан Патшалығы#3:2 Аспан Патшалығы – Қудайдың Патшалығы. жақынлап қалды, – деп жәриялады.
3Ийшая пайғамбар арқалы мынадай деп алдын ала айтылған адам усы Яқыя еди:
«Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады:
„Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“» # 3:3 Ийшая 40:3.
4Яқыя түйениң жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, оның аўқаты шегиртке менен жабайы ҳәррениң палы еди.
5Сол ўақытта Ерусалимниң, пүткил Яҳудия үлкесиниң ҳәм Иорданның пүткил дөгерегиниң турғынлары оған барды 6ҳәм өзлериниң гүналарын мойынлап, Иордан дәрьясында шомылдырылды. 7Яқыя өзине көп парисейлер менен саддукейлердиң#3:7 Парисейлер, саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топарлары. шомылдырылыўға киятырғанын көрип, оларға:
– Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8Тәўбе еткениңизге ылайық жемис бериңлер! 9Және: «Бизлердиң ата тегимиз – Ибрайым ата-ғо!» – деп ишлериңизден ойламаңлар. Себеби сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да балалар жасап бере алады.
10Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 11Тәўбе еткениңиздиң белгиси ретинде, мен сизлерди суў менен шомылдыраман. Бирақ меннен кейин Келиўши меннен де қүдиретли: мен Оның аяқ кийимин шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 12Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
Ийсаның шомылдырылыўы
13Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў#3:13 Шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны. ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди. 14Бирақ Яқыя Оны иркип:
– Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди.
15Бирақ, Ийса оған жуўап берип:
– Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты#3:15 Пүткил ҳақлық – Қудайдың ерки. бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз-ғо, – деди.
Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди.
16Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Қудайдың Руўхының Өзиниң үстине кептердей түсип киятырғанын көрди. 17Сонда аспаннан:
– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.
Chwazi Kounye ya:
Матта 3: KrkNT
Pati Souliye
Pataje
Kopye
Ou vle gen souliye ou yo sere sou tout aparèy ou yo? Enskri oswa konekte
© Библия аўдарыў институты, 2004

: