Жаратылыс Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Жаратылыс китабы Таўраттың биринши китабы болып, онда дүньяның жаратылыўы, адамзаттың пайда болыўы, гүнаға батыўы, адамзаттың тарийхы, соңынан Қудай таңлап алған Ибрайым ҳәм оның урпақлары ҳаққында сөз етиледи.
Жаратылыс китабының биринши бөлиминде (1–11 баплар) дүньяның ҳәм адамзаттың Ибрайымға дейинги дәўири гүрриң етиледи. Қудай ҳәмме нәрсени әжайып қылып жаратқан еди, бирақ ең биринши жаратылған еки адам – Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайға бойсынбай, дүньяға гүна алып келеди.
Адамлар соншелли гүнаға батқанлықтан, Нух ҳәм оның хожалығынан басқа пүткил адамзатты қырып таслаў ушын, Қудай жер жүзине топан суўын жибериўди шешеди. Топан суўынан кейин, халықлар жер жүзи бойлап тарқала баслайды. Бирақ олардың көпшилиги Қудайға және бойсынбай қояды.
Жаратылыс китабының қалған бөлеги (12–50 баплар) Ибрайым ҳәм оның урпағына байланыслы болған ўақыяларды баянлайды. Қудай Ибрайымды шақырғанда, оған ўәде берип, былай деди: «Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан… Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады» (12:2-3).
Ибрайым ҳәм Сара Қанан жерине көшип барады. Себеби Қудай сол жерди олардың урпақларына бериўди ўәде еткен еди. Ибрайым ҳәм Сара қартайған шағында перзентли болып, оның атын Ысақ деп қояды. Кейин Ысақтан Яқып ҳәм Эсаў атлы еки перзент туўылады.
Китаптың ақырында Яқып ҳәм оның уллары хожалықлары менен бирге Мысырға көшип барып, сол жерде жасайды. Себеби Яқыптың улларының бири Юсуп Мысырға қул болып сатылып, кейин ала Мысырдың ҳүкимдары болады. Қудайдың бир күни Өз ўәдесин орынлайтуғынын билген Юсуп өз аға-инилерине Қудайдың оларды сол жерден алып шығып, ўәде еткен жерине алып баратуғынын айтады.
Voafantina amin'izao fotoana izao:
Жаратылыс Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Asongadina
Hizara
Dika mitovy
Tianao hovoatahiry amin'ireo fitaovana ampiasainao rehetra ve ireo nasongadina? Hisoratra na Hiditra
© Институт перевода Библии, 2022

: