1
Лука 23:34
Жаңа Келисим
Ийса: – Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Әскерлер шек тасласып, Ийсаның кийимлерин бөлисти.
Comparar
Explorar Лука 23:34
2
Лука 23:43
Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
Explorar Лука 23:43
3
Лука 23:42
Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа келгениңде, мени есиңе ал! – деди.
Explorar Лука 23:42
4
Лука 23:46
Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Әке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды.
Explorar Лука 23:46
5
Лука 23:33
«Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди.
Explorar Лука 23:33
6
Лука 23:44-45-44-45
Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти.
Explorar Лука 23:44-45-44-45
7
Лука 23:47
Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен, – деди.
Explorar Лука 23:47
Início
Bíblia
Planos
Vídeos