Лука 24
24
Ийсаның қайта тирилиўи
(Мат 28:1-10; Мрк 16:1-8; Юхн 20:1-10)
1Екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар#Лук 24:1 Базы қолжазбаларда «…олар менен тағы басқалар» деген сөзлер де бар. таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди. 2Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди. 3Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады. 4Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды. 5Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди:
– Тирини өлилердиң арасынан неге излейсизлер? 6Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер. 7Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди. 8Сонда олар Ийсаның сөзлерин еслерине түсирди.
9Қәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады. 10Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди. 11Бирақ бул сөзлер елшилерге бос гәп болып көринип, олар ҳаялларға исенбеди. 12Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке үңилип қарағанда, сол жерде жатырған зығыр кепинди ғана көрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты.
Эммаусқа баратуғын жолда
(Мрк 16:12-13)
13Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Эммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып, 14болған усы ўақыялар ҳаққында өз ара сөйлести. 15Олар өз ара сөйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Өзи оларға жақынлап, қатар жүрди. 16Бирақ олардың көзлери байланғандай болып, Оны танымады. 17Ийса олардан:
– Сизлер өз ара нелер ҳаққында сөйлесип баратырсызлар? – деп сорады.
Олар тунжырап тоқтап қалды. 18Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған:
– Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди.
19Ийса олардан:
– Қандай ўақыялардан? – деп сорады.
Олар жуўап берип:
– Насыралы Ийса ҳаққындағы ўақыялардан. Ол Қудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сөзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди. 20Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны өлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. 21Ал бизлер Оны Израилды азат етеди деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды. 22Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып, 23Оның денесин таппай келди. Қайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди көргенин айтып берди. 24Және бизлердиң ишимиздеги айырымларымыз қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин көрипти. Бирақ Ийсаның Өзин көрмепти, – деди.
25Ийса оларға былай деди:
– Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар! 26Масийх усы азапларды шегип, Өз салтанатына кириўи керек емес пе еди?
27Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди.
28Олар өзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Өзин жолын даўам ететуғын қылып көрсетти. 29Бирақ олар:
– Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан өтинди.
Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди.
30Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди. 31Сонда ғана олардың көзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса көзден ғайып болды. 32Олар бир-бирине:
– Ол жолда бизлер менен сөйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди.
33Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты. 34Жыйналғанлар:
– Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Шимонға көринипти, – дести.
35Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди.
Ийсаның шәкиртлерине көриниўи
(Мат 28:16-20; Мрк 16:14-18; Юхн 20:19-23; Елш 1:6-8)
36Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Өзи олардың ортасында пайда болып:
– Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
37Бирақ шәкиртлер әрўақ көрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты. 38Ийса оларға:
– Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди? 39Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Өзиммен. Маған қол тийгизип көриңлер. Әрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ көрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди.
40Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын көрсетти. 41Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан:
– Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады.
42Олар Оған писирилген балықтың бир бөлегин берди. 43Ийса оны алып, олардың көз алдында жеди.
44Соңынан Ийса оларға:
– Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим, – деди.
45Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты 46ҳәм даўам етип оларға былай деди:
– Масийх азап шегип, үшинши күни өлимнен қайта тириледи, – деп те жазылған. 47– Ерусалимнен баслап барлық халықларға Оның аты менен тәўбе етсе, гүналарының кеширилетуғынын жәриялаў тийис. 48Ал сизлер булардың гүўасысызлар. 49Мине, Мен Әкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди.
50Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Қолларын көтерип, оларға пәтиясын берди. 51Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды. 52Шәкиртлер Ийсаға тәжим етип, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди. 53Қудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды.
Atualmente selecionado:
Лука 24: КркМК22
Destaque
Partilhar
Copiar
Quer salvar os seus destaques em todos os seus dispositivos? Faça o seu registo ou inicie sessão
© Институт перевода Библии, 2022