1
Лука 21:36
Мухаддес Китап
Сол себептен болажақ бул ислерден қутылып, Адам Улы алдында тура алыў ушын ҳәмме ўақыт сергек болып, дуўа етиңлер.
Jämför
Utforska Лука 21:36
2
Лука 21:34
Сақ болыңлар! Шағал-мәслик қылып, мәс болып, турмыс тәшиўишлери астында жүреклериңизди аўыр жүк баспасын. Және сол күн сизлерге тор сыяқлы тосаттан түспесин.
Utforska Лука 21:34
3
Лука 21:19
Сабырлылығыңыз бенен өз жаныңызды қутқарасызлар.
Utforska Лука 21:19
4
Лука 21:15
Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сөйлей де, сөзлериңизди бийкарлай да алмай қалады.
Utforska Лука 21:15
5
Лука 21:33
Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
Utforska Лука 21:33
6
Лука 21:25-27
– Қуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды. Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Өйткени аспан күшлери силкинеди. Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултта киятырғанын көреди.
Utforska Лука 21:25-27
7
Лука 21:17
Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди.
Utforska Лука 21:17
8
Лука 21:11
Күшли жер силкиниўлер, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспанда қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди.
Utforska Лука 21:11
9
Лука 21:9-10
Урыслар ҳәм көтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Өйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди. Соңынан Ийса оларға былай деди: – Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи.
Utforska Лука 21:9-10
10
Лука 21:25-26
– Қуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды. Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Өйткени аспан күшлери силкинеди.
Utforska Лука 21:25-26
11
Лука 21:10
Соңынан Ийса оларға былай деди: – Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи.
Utforska Лука 21:10
12
Лука 21:8
Ийса оларға: – Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масийхпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер.
Utforska Лука 21:8
Hem
Bibeln
Läsplaner
Videor