1
Лука 22:42
Мухаддес Китап
– О, Әкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен өткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын.
Jämför
Utforska Лука 22:42
2
Лука 22:32
Бирақ Мен исенимиң таўысылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди.
Utforska Лука 22:32
3
Лука 22:19
Соң нанды алып, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм оны сындырып, оларға берди де: – Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди.
Utforska Лука 22:19
4
Лука 22:20
Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып: – Бул кесе – Сизлер ушын төгилетуғын Мениң қаным менен бекитилетуғын жаңа келисим.
Utforska Лука 22:20
5
Лука 22:44
Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди.
Utforska Лука 22:44
6
Лука 22:26
Бирақ сизлер бундай болмаңлар. Керисинше, араңызда ең үлкен болған ең кишидей болсын, басшы да хызметшидей болсын.
Utforska Лука 22:26
7
Лука 22:34
Бирақ Ийса оған: – Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди.
Utforska Лука 22:34
Hem
Bibeln
Läsplaner
Videor