Лука 11
11
Дуўа етиў ҳаққында
(Мат 6:9-13; 7:7-11)
1Күнлердиң биринде Ийса бир жерде дуўа етип атырған еди. Дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлериниң бири Оған:
– Ийем! Яқыя өз шәкиртлерине дуўа етиўди үйреткениндей, Сен де бизлерге дуўа етиўди үйрет, – деди.
2Ийса оларға былай деди:
– Дуўа еткениңизде былай деңлер:
Әке!#Лук 11:2 Әке! – Базы қолжазбаларда «Аспандағы Әкемиз!»
Сениң атың мухаддес бола берсин.
Сениң Патшалығың келсин#Лук 11:2 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Аспанда орынланғаны сыяқлы, жерде де Сениң еркиң орынлансын»..
3Бизлерге ҳәр күни күнделикли нанымызды бере гөр.
4Гүналарымызды кешире гөр.
Өйткени бизлер де өзлеримизге гүна қылған ҳәр бир адамды кеширемиз.
Бизлердиң азғырылыўымызға жол қойма#Лук 11:4 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Шайтаннан қутқара гөр»..
5Ийса оларға және былай деди:
– Айтайық, араңыздағы бириңиздиң достысы бар. Ол ярым ақшамда достысына барып: «Достым! Маған қарызға үш нан берип тур. 6Сапарда жүрген бир достым келип қалып еди, оның алдына қоятуғын ҳеш нәрсем жоқ», – депти. 7Сонда достысы иштен: «Мениң тынышымды алма. Есигим беклеўли. Балаларым да мениң менен бирге төсекте жатыр. Орнымнан турып, саған ҳеш нәрсе бере алмайман», – деп жуўап берипти. 8Бирақ сизлерге айтатуғыным: орнынан турып, досты болғаны ушын сорағанын бермесе де, изинен қалмай сорағаны себепли ол орнынан турып, қанша сораса, сонша береди. 9Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. 10Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. 11Араңызда қайсы әке баласы#Лук 11:11 Базы қолжазбаларда «…нан сораса, оған нан орнына тас береди. Я болмаса» деген сөзлер де бар. балық сораса, оған балық орнына жылан береди? 12Мәйек сораса, оған шаян береди? 13Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз.
Ийса ҳәм Белзебүл
(Мат 12:22-30; Мрк 3:20-27)
14Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сөйлей баслағанда, халық ҳайран қалды. 15Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести.
16Ал басқалары Ийсаны сынап көрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўди талап етти. 17Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди:
– Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир үй қулайды. 18Егер шайтан өз ара қарсы болып бөлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер. 19Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүрген болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 20Бирақ, егер Мен жинлерди Қудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Қудайдың Патшалығының жетип келгени. 21Тис-тырнағына дейин қуралланған бир күшли адам өз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады. 22Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бөлистиреди.
23Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
24Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди. Таба алмағаннан соң, ол: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди.
25Қайтып келгенде, үйдиң тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди. 26Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады.
Ҳақыйқый бахыт
27Ийса усыларды айтып турғанда халық ишинен бир ҳаял даўыслап, Оған:
– Сени көтерген қурсақ ҳәм Сени емизген көкиреклер қандай бахытлы! – деди.
28Бирақ Ийса оған:
– Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы! – деди.
Кәраматлы белги ҳаққында
(Мат 12:38-42; Мрк 8:12)
29Халық жыйналып, көбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады:
– Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен#11:29 Юнс 2:1, 11. басқасы көрсетилмейди. 30Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады. 31Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген еди#11:31 3Пат 10:1-10.. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. 32Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе етти#11:32 Юнс 3:6-9.. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
Жақтылық ҳәм көз ҳаққында
(Мат 5:15; 6:22-23)
33– Ҳеш ким шыраны жағып, оны жасырын жерге ямаса ыдыстың астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтыны көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды. 34Көзиң – денеңниң шырағы. Егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер көзиң саў болмаса, денең де пүткиллей қараңғы болады. 35Сонлықтан да, абайла, ишиңдеги жарық қараңғы болмасын! 36Егер пүткил денең жарық болып, ҳеш бир қараңғы жери болмаса, шыра сени өз нуры менен жақты қылғаны сыяқлы, денең пүткиллей жарық болады.
Ийсаның диндарларды айыплаўы
(Мат 23:1-36; 12:38-40; Лук 20:45-47)
37Ийса усы сөзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатқа шақырды. Ийса оның үйине кирип, дастурханға отырды. 38Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын көрип, парисей таң қалды. 39Сонда Ийемиз оған:
– Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ өз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы. 40Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе? 41Жақсысы, ыдысларыңыздың ишиндегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады.
42Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шөп ҳәм ҳәр түрли палыз өнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Қудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди. 43Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда сыйлы орында отырғанды, базар майданларында өзлериңизге сыйлап сәлем бергенди жақсы көресизлер. 44Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып өтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди.
45Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға:
– Устаз! Сен бул сөзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди.
46Бирақ Ийса:
– Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер көтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға көтертип, өзлериңиз оларды көтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар. 47Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз өлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. 48Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды өлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар. 49Сонлықтан да, Қудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин өлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады». 50-51Сол себептен Абылдың қанынан#11:50-51 Жар 4:8. баслап, қурбанлық орын менен Ибадатхана арасында өлтирилген Зехарияның қанына#11:50-51 2Жлн 24:20-22. дейин, дүнья жаратылғаннан бери төгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи. Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи! 52Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан өзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди.
53Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, көп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи. 54Олар сөзинен тутып айыплаў ушын, Ийсаны аңлыды.
Nu markerat:
Лука 11: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022

: