Лука 12
12
Кимнен қорқыў керек?
(Мат 10:26-31)
1Соның арасында көп мыңлаған адамлар жыйналып, бир-бирине тығылысып турды. Ийса алды менен Өз шәкиртлерине сөз баслап, былай деди:
– Парисейлердиң ашытқысынан, яғный еки жүзлиликтен сақ болыңлар! 2Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 3Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз үйлердиң төбесинен жәрияланады.
4Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени өлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар! 5Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: өлтиргеннен кейин, дозаққа таслайтуғын Қүдирети күшли Қудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар. 6Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Қудай умытпайды. 7Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар.
8Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Қудайдың периштелериниң алдында тән алады. 9Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның өзи де Қудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды.
10Адам Улына қарсы бир сөз айтқан ҳәр бир адам кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизген адам кеширилмейди.
11Сизлерди мәжилисханаларға, басшыларға ҳәм ҳәкимлерге апарғанда, қалай жуўап бериўди ямаса не айтыўды қайғырмаңлар. 12Себеби не айтыў керек екенин сизлерге сол ўақытта Мухаддес Руўх үйретеди.
Ақылсыз бай
13Халық арасынан биреў Ийсаға:
– Устаз, әжағама айт, мийрасты мениң менен бөлиссин, – деди.
14Ийса оған:
– Ким Мени сизлерге қазы ямаса мийрасларды бөлиўши етип қойды? – деди. 15Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Өйткени адамның өмири оның мал-мүлкиниң көплигине байланыслы емес, – деп, 16оларға мынадай тымсал келтирди:
– Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти. 17Ол өз-өзине: «Не ислесем екен? Өнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти. 18Соңынан:
– Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман. 19Соңынан өз жаныма былай деймен: «Жаным, көп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти. 20Бирақ Қудай оған:
– Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти.
21Өзи ушын байлық жыйнап, Қудай алдында сықмар болған адамның аўҳалы усындай болады.
Тәшиўишленбеңлер!
(Мат 6:25-34)
22Ийса шәкиртлерине былай деди:
– Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер! 23Жан аўқаттан, дене кийимнен артық. 24Ғарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Қудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар! 25Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? 26Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар? 27Лала гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. 28Егер бүгин далада өсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шөпти Қудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар! 29Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер. 30Себеби усылардың бәрин бул дүньяға тийисли адамлар излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Әкеңиз биледи. 31Оның орнына, Қудайдың Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи.
32Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Әкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты. 33Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Өзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўысылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди. 34Өйткени байлығыңыз қай жерде болса, жүрегиңиз де сол жерде болады.
Ийсаның қайта келиўине таяр болыў
(Мат 24:45-51; Мрк 10:38; 13:34-36)
35– Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын! 36Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар. 37Хожайыны келгенде олардың сергек болып турғанын көрсе, сол хызметшилер бахытлы! Сизлерге шынын айтаман: ол белин буўып, хызметшилерин отырғызып, өзи оларға хызмет етеди. 38Егер хожайыны түн ортасында ямаса таң атқанда келип, хызметшилериниң ояў турғанын көрсе, онда сол хызметшилер қандай бахытлы! 39Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының қашан келетуғынын билсе, ол үйине урының бузып кириўине жол қоймас еди. 40Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
41Сонда Петр:
– Ийем, Сен бул тымсалды тек бизлерге айтып атырсаң ба ямаса ҳәммеге ме? – деди.
42Ийемиз былай деди:
– Үй ийеси үй-ишимдегилерге тийисли аўқатын ўақтында берсин деп, олардың үстинен тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы үй басқарыўшы ким? 43Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши қандай бахытлы! 44Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. 45Егер сол хызметши ишинен: «Ийем тез келе қоймас» деп, малайлар ҳәм шорыларды сабап, ишип-жеп, мәс бола басласа, 46сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны аяўсыз жазалап, исенбейтуғынлардың аўҳалына салады.
47Ийесиниң еркин билсе де таяр турмаған, оның ерки бойынша ис тутпаған хызметши көп таяқ жейди. 48Ал оның еркин билмеген ҳәм жазаға турарлы ис ислеген хызметши аз таяқ жейди. Кимге көп берилген болса, оннан көп талап етиледи. Кимге көп исенип тапсырылса, оннан көбирек соралады.
Масийх ушын болатуғын айырылысыўлар
(Мат 10:34-36)
49– Мен дүнья жүзине от салыўға келдим. Оның ҳәзир-ақ жалынлап кетиўин қаншелли қәлер едим! 50Мен жүдә аўыр азап-ҳәсиретти басымнан кешириўим тийис. Бул орынланғанша, қаншелли қыйналаман! 51Мени жер жүзине тынышлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен. 52Өйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар өз ара бөлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады. 53Әкеси улына, улы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бөлинеди.
54Соңынан Ийса халыққа да былай деди:
– Сизлер батыстан бир булттың көтерилгенин көргениңизде, дәрриў: «Жаўын жаўады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. 55Қубла самалы ескенде: «Күн ыссы болады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. 56Ҳәй, еки жүзлилер! Жер ҳәм аспанның түсин анықлай алады екенсиз, неге ҳәзирги ўақыттың райын анықлай алмайсызлар?
57Нениң дурыс екенин неге өзлериңиз шеше алмайсызлар? 58Биреў саған қарсы даў көтерип, сени қазыға алып баратырғанда, жолда оның менен жарасыўға тырыс. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени хызметкерге тапсырады, ал хызметкер сени қамап таслайды. 59Саған айтатуғыным: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден ҳасла шыға алмайсаң.
Nu markerat:
Лука 12: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022

: