1
Лука 17:19
Жаңа Келисим
KrkNT
Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.
เปรียบเทียบ
สำรวจ Лука 17:19
2
Лука 17:4
Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
สำรวจ Лука 17:4
3
Лука 17:15-16
Олардың ишиндеги биреўи өзиниң шыпа тапқанын көрип, бәлент даўыс пенен Қудайды алғыслап, қайтып келди де, Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди.
สำรวจ Лука 17:15-16
4
Лука 17:3
Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир.
สำรวจ Лука 17:3
5
Лука 17:17
Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Қалған тоғызы қаяқта?
สำรวจ Лука 17:17
6
Лука 17:6
Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымдай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сөзиңизди тыңлайды.
สำรวจ Лука 17:6
7
Лука 17:33
Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, ол оны набыт қылады, ал ким де ким өз жанын набыт қылса, ол оны сақлайды.
สำรวจ Лука 17:33
8
Лука 17:1-2
Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди: – Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гөре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди.
สำรวจ Лука 17:1-2
9
Лука 17:26-27
Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады. Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан суў тасқыны басып, ҳәммени набыт қылды.
สำรวจ Лука 17:26-27
หน้าหลัก
พระคัมภีร์
แผนการอ่าน
วิดีโอ