1
Лука 16:10
Жаңа Келисим
KrkNT
Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды.
เปรียบเทียบ
สำรวจ Лука 16:10
2
Лука 16:13
Ҳеш бир хызметши еки хожаға хызмет ете алмайды. Өйткени ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
สำรวจ Лука 16:13
3
Лука 16:11-12
Солай етип, егер сизлер бул дүньяның байлығына садық болмасаңыз, ким сизлерге аспандағы ҳақыйқый байлықты исенип тапсырады? Егер сизлер басқаға тийисли нәрсеге садық болмасаңыз, ким сизлерге өзлериңиздикин береди?
สำรวจ Лука 16:11-12
4
Лука 16:31
Сонда Ибрайым оған: «Егер Муўса менен пайғамбарларды тыңламағанда, өлгенлердиң биреўи тирилсе де, исенбейди», – деп жуўап берипти.
สำรวจ Лука 16:31
5
Лука 16:18
Өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаялға үйленген ҳәр бир адам неке ҳадаллығын бузған болады. Күйеўинен ажырасқан ҳаялға үйленген адам да неке ҳадаллығын бузған болады.
สำรวจ Лука 16:18
หน้าหลัก
พระคัมภีร์
แผนการอ่าน
วิดีโอ