YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 16

16
Манна ҳәм бөденелер
1Израил халқының пүткил жәмийети Элимнен шықты. Олар Мысырдан шыққанынан кейинги екинши айдың он бесинши күни Элим ҳәм Синай арасында жайласқан Син шөлине келди. 2Шөлде ҳәммеси Муўса менен Харонға наразы болып, 3оларға былай деп тоңқылдады:
– Қәнекей, Мысырда-ақ Жаратқан Ийениң қолынан өлип қоя қойғанда болар еди. Ҳеш болмаса, ол жерде гөш салынған қазанлардың қасында отырып, тойғанымызша нан жер едик. Бирақ сизлер пүткил халықты ашлықтан өлтириў ушын, бизлерди усы шөлге алып келдиңиз.
4Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Мине, Мен сизлерге аспаннан нан жаўдыраман. Халық ҳәр күни шығып, бир күнлик нанын жыйнап алсын. Усылайынша Мен оларды сынап, олардың Мениң көрсетпелерим бойынша жасайтуғынын ямаса жасамайтуғынын көрежақпан. 5Ал алтыншы күни#16:5 Алтыншы күни – еврей календары бойынша жума күни алтыншы күн деп есапланған. олар ҳәр күни жыйнағанынан еки есе артық қылып топлап, таярлап қойсын.
6Муўса менен Харон пүткил израиллыларға былай деди:
– Сизлерди Мысырдан Жаратқан Ийениң Өзи алып шыққанын бүгин кеште билип аласызлар. 7Ал ертең азанда Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Себеби Ол сизлердиң Өзине наразы болып, тоңқылдағаныңызды еситти. Бирақ бизлерге наразы болатуғындай, бизлер ким болыппыз?
8Кейин Муўса былай деди:
– Кешқурын сизлерге жеў ушын гөш, азанда тойғаныңызша нан берилгенде, сизлер Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Өйткени Жаратқан Ийе сизлердиң Өзине қарсы наразылық билдиргениңизди еситти. Ал бизлер ким болыппыз? Сизлер бизлерге емес, ал Жаратқан Ийеге наразылық билдирип атырсызлар.
9Кейин Муўса Харонға:
– Израил халқының пүткил жәмийетине айт, Жаратқан Ийениң алдына келсин. Себеби Жаратқан Ийе олардың тоңқылдыларын еситти, – деди.
10Харон Израил халқының пүткил жәмийетине усыларды айтып турғанда, олар шөлге қарады. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты булт ишинде көринди.
11Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
12– Мен израиллылардың тоңқылдыларын еситтим. Оларға мынадай деп айт: «Кешқурын гөш жеп, азанда нанға тоятуғын боласызлар. Сонда сизлер Мениң – Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар».
13Кешқурын бөденелер ушып келип, орданы басып кетти. Ал азанда орданың әтирапын шық қаплады. 14Шық кепкенде, шөлдеги жердиң бетинде қыраўға уқсаған, майда дән сыяқлы бир нәрсе көринди. 15Буны көргенде, израиллылар бир-биринен: «Бул не?» – деп сорасты. Себеби олар буның не екенин билмейтуғын еди.
Муўса оларға:
– Бул – Жаратқан Ийениң сизлерге жеў ушын берген наны. 16Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Ҳәр бир адам жей алғандайын жыйнап алсын. Шатырыңыздағы ҳәр бир адам ушын бир омерден#16:16 Бир омер – шама менен 2,2 л. алыңлар».
17Израиллылар солай ислеп, кимиси көп, кимиси аз жыйнады. 18Омер менен өлшегенде, көп жыйнағанның артығы, аз жыйнағанның кемиси болмады. Ҳәр бир адам жей алатуғын муғдарда жыйнаған еди.
19Муўса оларға:
– Ҳеш ким оннан азанға дейин бир түйир қалдырмасын, – деди.
20Деген менен, айырымлар Муўсаны тыңламай, азанға дейин қалдырғанда, ол қуртлап, сасый баслады ҳәм Муўсаның оларға ғәзеби келди.
21Ҳәр күни азанда ҳәр бир адам өзи жей алатуғын муғдарда жыйнайтуғын еди. Ал қуяш қызған ўақытта жерде қалғанлары ерип кететуғын еди. 22Алтыншы күни адам басына еки омерден, яғный еки есе жыйнайтуғын еди. Жәмийет басшылары келип, аўҳалды Муўсаға билдирди. 23Муўса оларға былай деди:
– Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў: ертең Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни. Соның ушын, бүгин писиретуғыныңызды писирип, қайнататуғыныңызды қайнатып алыңлар. Ал аўысып қалғанын азанға дейин сақлап қойыңлар.
24Муўсаның буйырғанындай, халық аўысып қалғанды азанға дейин сақлап қойғанда, ол сасымады да, қуртлап та кетпеди. 25Сонда Муўса оларға былай деди:
– Аўысып қалғанды бүгин жеңлер. Себеби бүгин Жаратқан Ийе ушын Шаббат күни. Бүгин даладан манна таба алмайсызлар. 26Сизлер оны алты күн жыйнаңлар. Бирақ жетинши күни болған Шаббат күни ол улыўма болмайды.
27Жетинши күни айырымлар нан жыйнаў ушын сыртқа шыққанда, ҳеш нәрсе таба алмады. 28Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Қашанға шекем буйрықларым ҳәм көрсетпелеримди орынлаўдан мойын таўлайсызлар? 29Минекей, Мен сизлерге Шаббат күнин бердим. Сонлықтан алтыншы күни сизлерге еки күнлик нан берип атырман. Жетинши күни ҳәр бир адам қай жерде жасап атырған болса, сол жерде қалсын, сыртқа шықпасын.
30Солай етип, халық жетинши күни дем алды.
31Израиллылар сол нанды манна#16:31 Манна – еврейше сөз болып, «Бул не?» сөзине үнлес. 15-аятқа қараң. деп атады. Оның көриниси кинза туқымы сыяқлы болып, дәми пал қосылған шөрекке уқсайтуғын еди. 32Муўса халыққа былай деди:
– Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Сизлерди Мысырдан алып шыққанымда, Мениң сизлерге шөлде берген нанымды келешек әўладлардың көриўи ушын, оның бир омерин сақлап қойыңлар».
33Муўса Харонға:
– Бир ыдысты алып, ишине бир омер манна сал. Келешек әўладларға сақланып қалыўы ушын, оны Жаратқан Ийениң алдына қой, – деди.
34Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, Харон маннаны сақлап қойыў ушын, оны Келисим сандығының алдына қойды.
35Израиллылар мәкан етилген Қанан жерине жетип барғанша, қырық жыл манна жеди. 36Бир омер эфаның#16:36 Эфа – бир эфа шама менен 22 л. оннан бир бөлегине туўры келетуғын еди.

Currently Selected:

Шығыў 16: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in