YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 22

22
Мал-мүлик ҳаққында нызамлар
1– Егер ким де ким ири мал ямаса майда мал урлап, оны сойса ямаса сатып жиберсе, бир өгиздиң орнына бес өгиз, бир қойдың орнына төрт қой төлесин.
2Ким де ким түнде үйге урлыққа түсип атырған урыға тап болып, оны урып өлтирсе, төгилген қан оның мойнына жүкленбесин. 3Бирақ егер ўақыя қуяш шыққаннан кейин болса, онда қан төккен адам айыплы болады. Уры урлаған нәрсесиниң қунын толық төлесин. Егер урының төлейтуғын ҳеш нәрсеси болмаса, урлағанларын төлеўи ушын, ол қул қылып сатылсын. 4Қара мал ма, ешек пе ямаса майда мал ма, не болса да, урланған мал урының қолынан тирилей табылса, онда ол мал ушын еки есе қун төлесин.
5Егер ким де ким малларын өз атызына ямаса жүзим бағына отлатып қойып, малларының басқа биреўдиң атызына түсиўине жол қойса, онда ол өз атызының ямаса бағының ең жақсы өнимлеринен төлесин.
6Егер биреў от жағып, бул оттан тикенлер алысып кетип, баўланған егинлерди, атыздағы зүрәәтти ямаса пүткил егисликти жандырып жиберсе, онда от жаққан адам шығынды толық төлесин.
7Ким де ким қоңсысына ақшасын ямаса затларын аманат етип берсе, бирақ сол нәрселер қоңсысының үйинен урланып, уры табылса, уры урлаған затларын еки есе етип төлесин. 8Ал егер уры табылмаса, үй ийеси қазылардың алдына барып, аманатқа қыянет етпегенин айтып ант ишсин. 9Қандай да бир даўлы нәрсе: ири мал, ешек, майда мал, кийим-кеншек, ҳәр қандай жойтылған нәрсе бойынша: «Бул – меники» деген талас болса, онда еки тәреп мәселени қазыларға жеткизсин. Қазылар айыплы деп тапқан адам қоңсысына еки есе төлесин.
10Ким де ким қоңсысына ешегин, ири малын, майда малын ямаса қандай да бир малын аманат етип берсе, сол мал өлип қалса ямаса жарақат алса, я болмаса урланып, буған гүўа болмаса, 11онда малды аманатқа алған адам қоңсысының малына қол тийгизбегенин айтып, Жаратқан Ийениң аты менен ант ишсин. Малдың ийеси буны қабыл етсин ҳәм қоңсысы ҳеш нәрсе төлемесин. 12Бирақ алған адамнан сол мал урланған болса, онда ол малдың ийесине қун төлесин. 13Егер малды бир жыртқыш ҳайўан тилкимлеп таслаған болса, онда баққан адам тилкимленген малды дәлил етип көрсетиўи тийис ҳәм сол мал ушын ҳеш нәрсе төлемесин.
14Егер ким де ким қоңсысынан бир мал сорап алып турса, ийеси жоқта мал жарақат алса ямаса өлип қалса, алған адам мал ушын толық қун төлеўи тийис. 15Бирақ ийеси малдың қасында болған болса, қарызға мал алған адам ҳеш нәрсе төлемесин. Ал егер мал жаллап алынған болса, онда жалланған баҳасы төлениўи тийис.
Жәмийетлик жуўапкершиликлер
16– Егер ким де ким атастырылмаған бир қызды алдап, оның менен жатса, қыз ушын қалың мал берип, оған үйлениўи тийис. 17Егер әкеси қызын сол адамға бериўге ыразы болмаса, онда ол қызларға берилетуғын қалың мал муғдарын төлесин.
18Сыйқыршы ҳаялды тири қалдырмаңлар.
19Ҳайўан менен жынысый қатнас жасайтуғын адам сөзсиз өлтирилсин.
20Жаратқан Ийеден басқа қудайларға қурбанлық берген адам жоқ қылынсын.
21Келгинди адамға жәбир берип, езиўши болмаңлар. Себеби сизлер де Мысырда келгинди болдыңлар.
22Жесирлер менен жетимлерге жәбир бермеңлер. 23Егер жәбир берсеңиз, олар Маған жалбарынса, олардың налаларын сөзсиз еситемен. 24Сонда Мениң ғәзебим лаўлап, сизлерди қылыш пенен өлтиремен. Ақыбетинде ҳаялларыңыз жесир, ал балаларыңыз жетим болып қалады.
25Мениң халқымнан бир кәмбағалға қарызға ақша берсең, өсимге пул бериўши сыяқлы пайыз миндирме. 26Егер қоңсыңның шапанын гиреўге алсаң, оны қуяш батпастан бурын қайтарып бер. 27Өйткени сол шапан оның жалғыз жамылатуғын нәрсеси. Шапаны болмаса, ол нени жамылып уйықлайды? Солай етип, ол Маған жалбарынса, оны еситемен. Себеби Мен мийрим-шәпәәтлимен.
28Қудайға тил тийгизбеңлер. Халқыңыздың басшыларын ғарғамаңлар.
29Қырманыңыздың ҳәм жуўазларыңыздың зүрәәтин Меннен аяп, Маған алып келиўди кешиктирмеңлер. Туңғыш улларыңызды да Маған бағышлаңлар. 30Ири мал ҳәм майда малларыңыз бенен де солай ислеңлер. Олар жети күн анасының жанында қалсын, ал сегизинши күни оларды Маған бериңлер.
31Сизлер Мениң мухаддес халқым боласызлар. Сонлықтан далада тилкимленип тасланған ҳайўанды жемеңлер, оны ийтлерге таслаңлар.

Currently Selected:

Шығыў 22: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in