Маған салық теңгесин көрсетиңлер, – деди.
Олар Оған бир динар әкелип берди. Ол:
– Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады.
Олар:
– Рим патшасы-Қайсардың, – деп жуўап берди.
Сонда Ийса:
– Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.