Матта 18
18
Он сегизинши бап
Аспан Патшалығында
ең уллы ким?
1Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип:
– Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады.
2Ийса бир баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди:
3– Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди өзгертип, балалар сыяқлы болмасаңлар, Аспан Патшалығына кире алмайсызлар. 4Солай етип, ким де ким өзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады. 5Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады.
6Бирақ ким де ким Маған исенип турған мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди. 7Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!
8Егер сени қолың ямаса аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен ямаса еки аяғың менен мәңгилик отқа тасланғаныңнан гөре, бир қолың ямаса аяғың менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ. 9Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозақ отына тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ.
10Абайлаңлар, мына кишкенелердиң ҳеш қайсысын да кемситиўши болмаңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: олардың аспандағы периштелери аспандағы Әкемниң жүзин ҳәмме ўақыт көрип турады. [11]#18:11 Басқа нусқада мына аят бар: «Себеби Адам Улы жойтылғанларды қутқарыў ушын келди».
Жойтылған қой туўралы тымсал
12– Сизлер қалай ойлайсызлар? Егер биреўдиң жүз қойы болып, оның биреўи жойтылып кетсе, ол тоқсан тоғыз қойын таўда қалдырып, жойтылған бир қойын излемес пе еди? 13Сизлерге шынын айтып турман: егер оны таўып алса, жойтылмаған тоқсан тоғыз қойынан гөре, таўып алған жалғыз қойына көбирек қуўанады. 14Сол сыяқлы, сизлердиң аспандағы Әкеңиз мына кишкенелердиң биреўиниң де жойтылыўын қәлемейди.
Бир-бириңизди ҳақ жолға түсириңлер,
бирге дуўа етиңлер!
15– Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған бар да, аўлақта сөйлесип, айыбын бетине ашық айт. Егер ол сөзиңди тыңласа, онда туўысқаныңды өзиңе қайтарып алғаның болады. 16Егер ол сөзиңди тыңламаса, өзиң менен бирге бир ямаса еки адамды ертип оған бар, өйткени айтылған барлық сөзлериңе еки ямаса үш гүўа болыўы тийис#18:16 Мухаддес Нызамды қайталаў 19:15.. 17Егер олардың да сөзин тыңлағысы келмесе, онда исениўшилер жәмәәтине айт. Ал исениўшилер жәмәәтин де тыңлағысы келмесе, онда оны бутқа табыныўшы ҳәм салықшы деп сана.
18Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, және де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи.
19Сизлерге және шынын айтаман: жер бетинде сизлердиң екеўиңиз келисип не сорасаңыз, аспандағы Әкем соны береди. 20Себеби қай жерде еки ямаса үш адам Мениң атым менен жыйналса, Мен олар менен биргемен.
Реҳимсиз хызметши
туўралы тымсал
21Сонда Петр Ийсаға келип:
– Ийем, маған қарсы гүна ислеген туўысқаныма неше рет кеширим берсем болады? Жети ретке дейин бе? – деп сорады.
22Ийса оған:
– Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен. 23Солай етип, Аспан Патшалығы өз хызметшилери менен қарызын есапласқысы келген бир патшаға уқсайды. 24Ол есапласа баслағанда, оның алдына оннан он мың талант#18:24 Бир талант – жумысшының он бес жыллық ис ҳақысы. қарыздар болған биреўди алып келипти. 25Бирақ ол қарызын төлей алмайтуғын болғанлықтан, патша оған оның өзи менен қосып ҳаялын, балаларын ҳәм барлық мал-мүлкин сатып, қарызын төлеўди буйырыпты. 26Сонда хызметши оның аяғына жығылып: «Тақсыр, шыдап турың, мен барлық қарызымды төлеймен!» – деп жалыныпты. 27Хызметшиге жаны ашыған патша оны босатып, қарызынан кешипти. 28Ал хызметши сыртқа шығып, өзине жүз динар#18:28 Бир динар – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы. қарыздар болған бир хызметши жолдасын ушыратып: «Маған беретуғын қарызыңды бер», – деп оны буўындыра баслапты. 29Сонда оның жолдасы аяғына жығылып: «Шыдап тур, мен қарызымды төлеймен», – деп жалыныпты. 30Бирақ ол жолдасының сөзин тыңламай, өзине беретуғын қарызын төлемегенше, оны қаматтырып таслапты. 31Оның басқа хызметши жолдаслары бул ўақыяны көрип, қатты қапа болыпты ҳәм патшаға барып, болған истиң бәрин айтып берипти. 32Сонда патша оны шақыртып алып, оған: «Ҳәй, жаўыз хызметши! Сен маған жалынғаның себепли ғана барлық қарызыңнан кешкен едим. 33Мениң саған реҳим еткенимдей, сениң де өз жолдасыңа реҳим етиўиң тийис емес пе еди?» – депти. 34Патша қәҳәрленип, өзине берилетуғын қарыздың бәрин төлеп болмағанша, оны жазалаўшылардың қолына тапсырыпты.
35Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Әкем де сизлерге солай ислейди, – деди.
Chwazi Kounye ya:
Матта 18: KrkNT
Pati Souliye
Pataje
Kopye
Ou vle gen souliye ou yo sere sou tout aparèy ou yo? Enskri oswa konekte
© Библия аўдарыў институты, 2004