Logótipo YouVersion
Ícone de pesquisa

Юхан 2

2
Ийсаның биринши кәраматы
1Еки күн өткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди. 2Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди. 3Шарап таўысылғанда, Ийсаның анасы Оған:
– Олардың шарабы таўысылды, – деди.
4Ийса оған:
– Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди.
5Ийсаның анасы хызметшилерге:
– Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди.
6Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысының сыйымлылығы еки-үш метрета#2:6 Еки-үш метрета – бир метрета шама менен 40 л. алатуғын алты тас гүзе бар еди.
7Ийса хызметшилерге:
– Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди.
Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды.
8Сонда Ийса хызметшилерге:
– Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди.
Олар алып барды. 9Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып көрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып:
10– Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди.
11Ийса бул биринши кәраматлы белгисин Галиланың Кана қаласында көрсетип, Өз уллылығын аян етти. Шәкиртлери де Оған исенди.
12Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды.
Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы
(Мат 21:12-13; Мрк 11:15-17; Лук 19:45-46)
13Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы#2:13 Қутқарылыў байрамы – сөзликке қараң. жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти. 14Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды көрди. 15Ийса арқаннан қамшы ислеп, барлық саўдагерлерди, қойларды ҳәм ири қара малларды Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. 16Ол кептер сатыўшыларға:
– Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң Үйин базарға айландырмаңлар! – деди.
17Сонда шәкиртлери: «Сениң Үйиңе болған ықласым ишимди жейди»#2:17 Заб 68:10., – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы сөзлерди еслерине түсирди.
18Яҳудий басшылары Ийсадан:
– Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады.
19Ийса оларға жуўап берип:
– Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди.
20Олар Ийсаға:
– Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди.
21Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Өз денеси еди. 22Ийса өлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сөзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сөзине исенди.
23Ийса Ерусалимде, Қутқарылыў байрамында болғанда, көплер Ол ислеген кәраматлы белгилерди көрип, Оның атына исенди. 24Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, Өзин оларға исенбеди. 25Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Өйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.

Atualmente selecionado:

Юхан 2: КркМК22

Destaque

Partilhar

Copiar

None

Quer salvar os seus destaques em todos os seus dispositivos? Faça o seu registo ou inicie sessão