Logótipo YouVersion
Ícone de pesquisa

Юхан 3

3
Ийса ҳәм Никодим
1Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди. 2Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған:
– Устаз, Сениң Қудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Қудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматлы белгилерди ислей алмайды, – деди.
3Ийса оған:
– Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан#3:3 Қайтадан – жоқарыдан. туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды, – деп жуўап берди.
4Никодим Ийсадан:
– Қартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады.
5Ийса оған жуўап берип былай деди:
– Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Қудайдың Патшалығына кире алмайды. 6Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады. 7Саған: «Қайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма. 8Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай.
9Никодим Ийсадан:
– Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады.
10Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе? 11Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сөйлеймиз, көргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар. 12Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер? 13Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес. 14Муўсаның шөлде жыланды жоқары көтергени сыяқлы#3:14 Сан 21:4-9., Адам Улы да жоқары көтерилиўи тийис. 15Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам#Юхн 3:15 адам – Базы қолжазбаларда «адам өлмейди, ал» деген сөзлер де бар. мәңгилик өмирге ийе болады.
16Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады. 17Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди. 18Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди. 19Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы көрди. 20Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек көреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди. 21Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Қудай алдында исленгени көринсин деп, нурға келеди.
Ийса ҳәм Яқыя
22Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды. 23Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди. 24Өйткени Яқыя еле қамалмаған еди. 25Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды. 26Олар Яқыяға келип:
– Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди.
27Яқыя былай деп жуўап берди:
– Қудайдан берилмесе, адам өзине ҳеш нәрсе ала алмайды. 28«Мен Масийх емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар. 29Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым. 30Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис.
31Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сөйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы. 32Ол көргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди. 33Оның гүўалығын қабыл еткен Қудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды. 34Қудай тәрепинен жиберилген Қудайдың сөзлерин сөйлейди. Себеби Қудай Руўхын өлшеўсиз береди. 35Әке Өз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған. 36Улға исенген адам мәңгилик өмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам өмир көрмейди, ал Қудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.

Atualmente selecionado:

Юхан 3: КркМК22

Destaque

Partilhar

Copiar

None

Quer salvar os seus destaques em todos os seus dispositivos? Faça o seu registo ou inicie sessão