Марк 11
11
Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи
(Мат 21:1-11; Лук 19:28-40; Юхн 12:12-19)
1Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде, Ийса шәкиртлериниң екеўин жумсап, 2оларға былай деди:
– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, еле ҳеш ким минбеген, байлаўлы турған бир гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. 3Егер биреў сизлерден: «Неге бундай ислеп атырсызлар?» – деп сораса, сизлер: «Бул Ийемизге керек. Ол буны тез қайтарып жибереди», – деп жуўап бериңлер.
4Олар барып, көшедеги дәрўаза қасында байланған гүррени тапты ҳәм оны шешип алды. 5Сол жерде турған гейбиреўлер оларға:
– Гүррени шешип алып не қылажақсызлар? – деп сорады.
6Олар Ийсаның айтқанындай жуўап бергенде, адамлар оларға рухсат берди. 7Гүррени Ийсаға алып келип, өзлериниң шапанларын оның үстине жапты, Ийса гүрреге минип алды. 8Көп адамлар шапанларын жолға төсеп, ал гейбиреўлер даладағы тереклерден шақа кесип алып, жолға жайды. 9Алдында ҳәм изде ерип киятырғанлар былай деп бақырысты:
– «Ҳосанна!#11:9 Ҳосанна! – «Қутқара гөр!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.
Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!
10Бабамыз Даўыттың жақынлап киятырған Патшалығы жарылқанған!
Ең жоқарыда ҳосанна!»#11:9-10 Заб 117:25-26.
11Ийса Ерусалимге келип, Ибадатханаға кирди. Ол жерде ҳәмме нәрсени көзден кеширип болып, кеш болғанлықтан, он еки шәкирти менен Бетанияға кетти.
Ийсаның әнжир ағашын ғарғаўы
(Мат 21:18-19)
12Келеси күни олар Бетаниядан шыққанда, Ийса аш болды. 13Ол алыстан жапырақлары менен қапланған бир әнжир ағашын көрип, оннан бир нәрсе табылар ма екен деп, қасына барды. Бирақ жемис беретуғын ўақты болмағанлықтан, жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппады. 14Сонда Ол ағашқа:
– Буннан былай, мәңгиге сениң мийўеңнен ҳеш ким жемесин! – деди.
Буны шәкиртлери де еситти.
Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы
(Мат 21:12-17; Лук 19:45-48; Юхн 2:13-22)
15Олар Ерусалимге келгенде, Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшыларды қуўып шығара баслады. Ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслады 16ҳәм Ибадатхананың ҳәўлиси арқалы ҳеш кимге ҳеш нәрсе алып өтиўге рухсат етпеди.
17Соңынан халыққа тәлим берип:
– «Мениң Үйим ҳәмме халықлар ушын,
Дуўа ететуғын үй деп аталады»#11:17 Ийш 56:7., –
деп жазылмаған ба? Ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар#11:17 Ерм 7:11., – деди.
18Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер буны еситип, Оны жоқ қылыўдың жолын изледи. Өйткени пүткил халық Ийсаның тәлимине таң қалысқанлықтан, олар Оннан қорқатуғын еди.
19Кеш болғанда, Ийса шәкиртлери менен қаладан шығып кетти.
Қуўрап қалған әнжир ағашы
(Мат 21:20-22)
20Олар ерте азанда өтип баратырып, әнжир ағашының тамырына дейин қуўрап қалғанын көрди. 21Петр болған ўақыяны есине түсирип, Ийсаға:
– Устаз! Қара, Сен ғарғаған әнжир ағашы қуўрап қалыпты, – деди.
22Ийса оларға жуўап берип:
– Қудайға исениңлер. 23Сизлерге шынын айтып турман: егер ким де ким бул таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула», – десе ҳәм кеўлинде гүманланбай, айтқанының орынланатуғынына исенсе, оның айтқаны орынланады. 24Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи. 25Дуўа етип турғаныңызда, биреўге өкпели болсаңыз, оны кешириң, сонда аспандағы Әкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди, – деди. [26#Мрк 11:26 Базы қолжазбаларда 26-аят та бар: «Егер сизлер басқалардың гүналарын кеширмесеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширмейди».]
Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў
(Мат 21:23-27; Лук 20:1-8)
27Олар және Ерусалимге келди. Ийса Ибадатхананың ҳәўлисинде айланып жүргенде, Оған бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар келип, 28Оннан:
– Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
29Ийса оларға жуўап берип:
– Мен де сизлерге бир сораў берейин, жуўап бериңлер. Сонда Мен де бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. 30Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? Жуўап бериңлер, – деди.
31Олар өз ара ойласа баслады: «Егер „аспаннан“ десек, Ол: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, дейди. 32„Адамлардан“ дейик пе?»
Бирақ ондай деўге халықтан қорқты, себеби ҳәмме Яқыяны ҳақыйқый пайғамбар деп санайтуғын еди. 33Сонлықтан олар Ийсаға:
– Билмеймиз, – деп жуўап берди.
Ийса оларға:
– Ондай болса, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
Atualmente selecionado:
Марк 11: КркМК22
Destaque
Partilhar
Copiar

Quer salvar os seus destaques em todos os seus dispositivos? Faça o seu registo ou inicie sessão
© Институт перевода Библии, 2022