Марк 12
12
Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал
(Мат 21:33-46; Лук 20:9-19)
1Ийса оларға тымсаллар менен сөйлей баслады:
– Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм шарап искенжесин қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты. 2Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. 3Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты. 4Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты. 5Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны өлтирипти. Ол және де көп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин өлтирипти. 6Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. 7Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти. 8Солай етип, оны услап алып өлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты.
9Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. 10Сизлер Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлерди оқымағансызлар ма:
«Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
11Жаратқан Ийе қылған бул ис,
Көзимизге әжайып көринди!»#12:10-11 Заб 117:22-23.
12Олар бул тымсалдың өзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды.
Салық төлеў туўралы
(Мат 22:15-22; Лук 20:20-26)
13Соңынан олар Ийсаны сөзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың тәрепдарларының гейбиреўлерин Оған жиберди. 14Олар Ийсаға келип:
– Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Өйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим императорына салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? Төлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады.
15Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип:
– Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, көрейин, – деди.
16Олар алып келгенде, Ол:
– Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады.
Олар:
– Рим императорының, – деди.
17Сонда Ийса оларға жуўап берип:
– Императордың ҳақын императорға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
Олар Оған таң қалысты.
Қайта тирилиў ҳаққында сораў
(Мат 22:23-33; Лук 20:27-40)
18Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң#12:18 Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары. бир нешеси Ийсаға келип Оннан:
19– Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин»,#12:19 Нзм 25:5-6. – деп жазып қалдырған. 20Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай өлип кетти. 21Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай өлип кетти. Үшиншисине де солай болды. 22Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан өлип кетти. Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 23Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады.
24Ийса оларға жуўап берип:
– Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 25Өйткени адамлар өлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 26Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында айтылған ўақыяда Қудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Қудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман»#12:26 Шығ 3:6., – деген. 27Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди.
Ең баслы буйрық
(Мат 22:34-40; Лук 10:25-28)
28Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин көрип, Оннан:
– Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады.
29Ийса оған:
– Ең баслы буйрық бул: «Қулақ сал, Израил! Қудайымыз Жаратқан Ийе – жалғыз Ийе. 30Қудайың Жаратқан Ийени шын жүрегиң, жан-тәниң, пүткил ақыл-ойың ҳәм бар күшиң менен сүй»#12:29-30 Нзм 6:4-5.. 31Екиншиси мынадай: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»#12:31 Леб 19:18.. Булардан уллы буйрық жоқ, – деди.
32Диний муғаллим Оған:
– Аўа, Устаз! «Қудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың. 33Қудайды пүткил жүрегиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – ҳәмме жандырылатуғын қурбанлықлардан ҳәм Қудай жолына берилген садақалардан артық, – деди.
34Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин көрип:
– Сен Қудайдың Патшалығынан алыс емессең, – деди.
Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
Масийх кимниң Урпағы?
(Мат 22:41-46; Лук 20:41-44)
35Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып:
– Қалайынша диний муғаллимлер Масийхты Даўыттың Урпағы дейди? 36Даўыттың өзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген:
«Жаратқан Ийе Ийеме айтты:
„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“»#12:36 Заб 109:1.
37Даўыттың өзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады.
Көп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады.
Диний муғаллимлер ҳаққында
(Мат 23:1-36; Лук 20:45-47)
38Ийса тәлим берип:
– Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүргенди, базар майданларында өзлерине сыйлап сәлем бергенди, 39мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырғанды жақсы көреди. 40Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узақ дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.
Жесир ҳаялдың садақасы
(Лук 21:1-4)
41Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың көбиси көп ақша салды. 42Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды. 43Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып:
– Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен көп салды. 44Себеби олардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
Atualmente selecionado:
Марк 12: КркМК22
Destaque
Partilhar
Copiar

Quer salvar os seus destaques em todos os seus dispositivos? Faça o seu registo ou inicie sessão
© Институт перевода Библии, 2022