Logótipo YouVersion
Ícone de pesquisa

Марк 13

13
Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы
(Мат 24:1-14; Лук 21:5-19)
1Ийса Ибадатханадан шыққанда, шәкиртлериниң бири:
– Устаз, қара, қандай әжайып таслар, қандай әжайып имаратлар! – деди.
2Ийса оған:
– Мына саўлатлы имаратларды көрип турсаң ба? Бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3Соңынан Ийса Зәйтүн таўында, Ибадатхананың қарсы алдында отырғанда, Петр, Яқып, Юхан ҳәм Андрей аўлақта Оннан:
4– Бизлерге айт, булар қашан болады ҳәм булардың ҳәммесиниң болатуғынын қандай белги билдиреди? – деп сорады.
5Сонда Ийса оларға былай деп айта баслады:
– Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 6Өйткени көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масийхпан» деп, көп адамларды алдайды. 7Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 8Себеби миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи. Көп жерлерде жер силкиниўлер ҳәм ашаршылықлар болады. Бул ўақыялар толғақ азабының басланыўына уқсайды.
9Өзлериңизге сақ болыңлар! Өйткени сизлерди қазыханаларға тапсырады ҳәм мәжилисханаларда таяқ жейсизлер. Және де, Мен себепли ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдына апарылып, оларға гүўалық бересизлер. 10Бирақ дәслеп Хош Хабар ҳәмме халықларға жәрияланыўы шәрт. 11Сизлерди услап алып, ҳүким етиўге апаратырғанда, не айтыўды ойлап, алдын ала тынышсызланбаңлар. Сол ўақытта сизлерге не берилсе, соны айтыңлар. Себеби сизлер емес, ал Мухаддес Руўх сөйлейди. 12Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди. 13Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
Ең уллы апат
(Мат 24:15-21; Лук 21:20-24)
14– Ўайран қылатуғын жеркенишли бир заттың турыўға болмайтуғын жерде турғанын көргениңизде#13:14 Дан 9:27; 11:31; 12:11., Яҳудиядағылар таўларға қашсын! Пайғамбардың жазыўын оқыған адам бул заттың мәнисин түсинсин. 15Ким де ким тамның төбесинде болса, төменге түспесин ҳәм бир нәрсе алыў ушын үйине кирмесин. 16Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. 17Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 18Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер. 19Өйткени сол күнлери Қудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады. 20Егер Ийемиз сол күнлердиң санын қысқартпағанда, ҳеш ким қутқарылмаған болар еди. Бирақ Ол Өзиниң таңлап алғанлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартты.
21Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масийх бул жерде» ямаса: «Қараңлар, Ол ана жерде» десе, исенбеңлер. 22Өйткени жалған масийхлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды алдаў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. 23Сонлықтан сақ болыңлар! Мен ҳәммесин сизлерге алдын ала айтып атырман.
Адам Улының қайта келиўи
(Мат 24:29-31; Лук 21:25-28)
24– Бирақ сол күнлери, сол апаттан кейин,
«Қуяш қараңғыланады,
Ай өз жақтысын түсирмейди.
25Жулдызлар аспаннан түсип,
Аспан күшлери силкинеди»#13:25 Ийш 13:10; 34:4..
26Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултларда киятырғанын#13:26 Дан 7:13. көреди. 27Ол Өз периштелерин жиберип, дүньяның төрт тәрепинен, жердиң шетинен баслап аспанның шетине дейин, Өзиниң таңлап алғанларын жыйнап келеди.
Әнжир ағашын мысалға алыңлар!
(Мат 24:32-35; Лук 21:29-33)
28– Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. 29Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын көргениңизде, Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер. 30Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады. 31Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди
(Мат 24:36-44)
32– Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи. 33Абайлаңлар ҳәм сергек болыңлар#Мрк 13:33 Базы қолжазбаларда «…ҳәм дуўа етиңлер» деген сөзлер де бар., өйткени сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсизлер. 34Бул – бир адамның саяхатқа кетип баратырып, үйиндеги хызметшилерине басқарыўға бийлик бергени ҳәм ҳәр бирине ис тапсырып, дәрўаза қараўылына сергек болыўды буйырғанына уқсайды. 35Солай етип, сергек болыңлар! Себеби үй ийесиниң кеште ме, ярым ақшамда ма, қораз шақырғанда ма, ерте азанда ма, қашан келетуғынын билмейсизлер. 36Ол күтилмегенде келип, сизлердиң уйықлап атырғаныңызды көрмесин. 37Сизлерге айтатуғынымды ҳәммеге айтаман: сергек болыңлар!

Atualmente selecionado:

Марк 13: КркМК22

Destaque

Partilhar

Copiar

None

Quer salvar os seus destaques em todos os seus dispositivos? Faça o seu registo ou inicie sessão