Матта 4
4
Төртинши бап
Ийсаның сыналыўы
1Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды. 2Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды. 3Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди.
4Ийса жуўап қайтарып:
«Адам тек ғана нан менен емес,
Ал Қудайдың аўзынан шыққан
ҳәр бир сөз бенен жасайды» # 4:4 Мухаддес Нызамды қайталаў 8:3. , –
деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
5Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, 6Оған:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, төмен секирши. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған-ғо:
«Ол Өзиниң периштелерине буйрық береди.
Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени
қолларында көтерип алып кетеди» # 4:6 Забур 90:11-12. , – деди.
7Ийса оған:
– «Қудай-Ийеңди сынама!»#4:7 Мухаддес Нызамды қайталаў 6:16. – деп те Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
8Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатларын көрсетип:
9– Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди.
10Сонда Ийса оған:
– Жоқ бол көзимнен, шайтан!
«Қудай-Ийеңе сыйынып,
тек Оған хызмет ет!» # 4:10 Мухаддес Нызамды қайталаў 6:13. –

11Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
Ийсаның Хош Хабарды
жәриялай баслаўы
12Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти. 13Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафтали дөгерегиндеги теңиздиң жағасында жайласқан Капарнаҳумға келип орналасты. 14Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:
15 «Ҳәй, Зебулон жери ҳәм Нафтали жери,
теңизге баратуғын жолдағы,
Иорданның арғы жағасындағы,
басқа миллетлердиң Галила ели!
16 Қараңғылықта жасаған халық
үлкен бир жарықты көрди.
Өлим қараңғысында жасағанлар ушын,
жақтылық нуры түсти» # 4:15-16 Ийшая 9:1-2. .
17Сол ўақыттан баслап, Ийса:
– Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады.
Ийсаның дәслепки
шәкиртлерин таңлаўы
18Ийса Галила теңизиниң жағасында жүргенде, теңизге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Симонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 19Ийса оларға:
– Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Қудайдың жолына түсириўшилер#4:19 Сөзбе-сөз: адамларды аўлайтуғын балықшылар. қыламан, – деди.
20Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
21Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды. 22Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди.
Ийсаның аўырыўларға
шыпа бериўи
23Ийса пүткил Галила үлкесин аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында#4:23 Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны. тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, халықтағы ҳәр қандай аўырыў ҳәм ҳәлсизликти шыпалайтуғын еди. 24Ийса туўралы хабар пүткил Сирияға жайылды. Барлық аўырыў адамларды, түрли сырқаў ҳәм дәртке ушырағанларды, жин урғанларды, қояншық ҳәм ләң болғанларды Оған алып келди. Ийса оларға шыпа берди. 25Оның изине Галиладан, Декаполистен, Ерусалимнен, Яҳудиядан ҳәм Иорданның арғы жағынан келген көп халық ерип жүрди.
Zvasarudzwa nguva ino
Матта 4: KrkNT
Sarudza vhesi
Pakurirana nevamwe
Sarudza zvinyorwa izvi
Unoda kuti zviratidziro zvako zvichengetedzwe pamidziyo yako yose? Nyoresa kana kuti pinda
© Библия аўдарыў институты, 2004

: