Лука 14
14
Шаббат күнинде шыпа бериў
1Бир Шаббат күни Ийса парисейлердиң бир басшысының үйине аўқатқа келгенде, ҳәмме Оны бақлап отырды. 2Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди. 3Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден:
– Шаббат күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? – деп сорады.
4Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди. 5Соңынан оларға былай деди:
– Араңыздағы бириңиздиң балаңыз ямаса өгизиңиз қудыққа түсип кетсе, Шаббат күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмайсыз ба?
6Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады.
Өзиңди жоқары тутпа!
7Қонақлардың өзлерине төрдеги орынларды таңлап атырғанын көрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты:
8– Сени биреў неке тойына шақырғанда, төрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин. 9Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң. 10Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, төрге шығып отыр», – дейди. Солай етсең, өзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң. 11Себеби ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким өзин пәс тутса, ол мәртебели қылынады.
12Соңынан Ийса Өзин шақырған үй ийесине:
– Түски ямаса кешки зыяпат бергениңде досларыңды, туўысқанларыңды, ағайинлериңди, я бай қоңсыларыңды шақырма. Өйткени олай етсең, олар да сени қонаққа шақырып, саған қайтарады. 13Керисинше, зыяпат бергениңде жарлы, майып, ақсақ ҳәм соқырларды шақыр. 14Солай етсең, сен бахытлы боласаң. Себеби олар саған қайтара алмайды. Бирақ ҳақ адамлар қайта тирилгенде, Қудай саған қайтарады, – деди.
Тойға мирәт етилгенлер
(Мат 22:1-10)
15Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сөзлерди еситип, Оған:
– Қудайдың Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди.
16Ийса оған былай деди:
– Бир адам үлкен зыяпат берип, көп қонақ шақырыпты. 17Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге өз хызметшисин жиберипти. 18Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып көриўим керек, өтинемен, мени кешир», – депти. 19Ал екиншиси: «Мен бес жуп өгиз сатып алдым, соларды сынап көриўге баратырман. Өтинемен, мени кешир», – депти. 20Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан бара алмайман», – депти. 21Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши көшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты. 22Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти. 23Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге көндир. Сонда үйим адамларға толы болады. 24Өйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды#Лук 14:24 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Өйткени мирәт етилгенлер көп, ал таңлап алынғанлар аз».», – депти.
Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти
(Мат 10:37-38)
25Ийса менен бирге көп халық жүрген еди. Ийса оларға бурылып былай деди:
26– Ким де ким Маған келип, Мени ата-анасынан, ҳаялынан, балаларынан, аға-инисинен, апа-қарындасларынан, ҳәтте, өз өмиринен де артық көрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. 27Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. 28Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын қәрежет жете ме деп, алдын ала отырып, есаплап шықпай ма? 29Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны көргенлер оның үстинен күлип: 30«Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», – дейди.
31Бир патша басқа патшаға қарсы урысқа шығажақ болса, өзимниң он мың әскерим менен, киятырған қарсыласымның жигирма мың әскерине қарсы тура аламан ба деп, алдын ала отырып ойланып алмай ма? 32Күши жетпейтуғын болса, сол патша еле узақта болғанда оған елши жиберип, тынышлық питимин жасаўды сорайды. 33Солай етип, сизлердиң ҳәр бириңиз өзиңизге тийисли ҳәмме заттан ўаз кешпесеңиз, Мениң шәкиртим бола алмайсыз.
34Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? 35Ол топыраққа да, қый болыўға да жарамағанлықтан, сыртқа ылақтырып тасланады. Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!
Nu markerat:
Лука 14: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022