Жаратылыс 12
12
Ибрамның шақырылыўы
1Жаратқан Ийе Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар. 2Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң. 3Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деди.
4Ибрам Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шықты. Лут та оның менен бирге кетти. Ибрам Хараннан шыққан ўақытта жетпис бес жаста еди. 5Ол өзи менен бирге ҳаялы Сарайды, иниси Лутты, Харанда жыйнаған мал-мүлкин ҳәм хызметшилерин алды да, Қанан жерине қарай жолға шықты. Олар Қанан жерине жетип барғанда, 6Ибрам ел бойлап жүрип, Шехемдеги Морениң теребинф терегиниң жанына барды. Сол ўақытлары усы елде қанан халқы жасайтуғын еди. 7Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға көринип: «Мен бул жерди сениң урпағыңа беремен!» – деди. Ибрам өзине көринген Жаратқан Ийеге арнап, сол жерде қурбанлық орын қурды.
8Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оның атын айтып шақырды. 9Соңынан ол қубла тәрепке, Негебке қарай жолын даўам етти.
Ибрам Мысырда
10Сол ўақытта елде күшли ашлық болғанлықтан, Ибрам ўақтынша жасап турыў ушын Мысырға кетти. 11Олар Мысырға жақынлағанда, Ибрам ҳаялы Сарайға былай деди:
– Мен сениң сулыў ҳаял екениңди билемен. 12Мысырлылар сени көргенде: «Бул оның ҳаялы», – деп, мени өлтирип, ал сени тири қалдырады. 13Оларға: «Оның қарындасыман», – деп айт. Сонда сен себепли олар маған жақсы қатнаста болады ҳәм мен аман қаламан.
14Ибрам Мысырға келгенде, мысырлылар оның ҳаялының жүдә гөззал екенин көрди. 15Фараонның хызметкерлери ҳаялды көрип, фараонға оның сулыўлығын мақтап айтып берди. Ҳаял фараонның сарайына алынды. 16Фараон Сарай себепли Ибрамға жақсы қатнаста болды. Ибрам ири ҳәм майда малларға, еркек ҳәм урғашы ешеклерге, қул ҳәм шорыларға, түйелерге ийе болды.
17Бирақ Жаратқан Ийе Ибрамның ҳаялы Сарай себепли фараонды ҳәм оның үй-ишин аўыр апатларға дуўшар етти. 18Сонда фараон Ибрамды шақыртып оған былай деди: «Сен неге маған булай иследиң? Не себептен маған, оның ҳаялың екенин айтпадың? 19Не ушын оны қарындасым дедиң? Мен оны ҳаяллыққа алайын деп қалдым-ғо. Ҳаялыңды ал да, кет!» 20Солай етип, фараон өз адамларына Ибрамды ҳаялы ҳәм барлық жыйған-тергенлери менен шығарып салыўды буйырды.
موجودہ انتخاب:
Жаратылыс 12: КркМК22
سرخی
شئیر
کاپی
کیا آپ جاہتے ہیں کہ آپ کی سرکیاں آپ کی devices پر محفوظ ہوں؟ Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: