1
Юхан 3:16
Мухаддес Китап
КркМК22
Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады.
Lee anya n'etiti ihe abụọ
Nyochaa Юхан 3:16
2
Юхан 3:17
Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди.
Nyochaa Юхан 3:17
3
Юхан 3:3
Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды, – деп жуўап берди.
Nyochaa Юхан 3:3
4
Юхан 3:18
Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди.
Nyochaa Юхан 3:18
5
Юхан 3:19
Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы көрди.
Nyochaa Юхан 3:19
6
Юхан 3:30
Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис.
Nyochaa Юхан 3:30
7
Юхан 3:20
Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек көреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди.
Nyochaa Юхан 3:20
8
Юхан 3:36
Улға исенген адам мәңгилик өмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам өмир көрмейди, ал Қудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.
Nyochaa Юхан 3:36
9
Юхан 3:14
Муўсаның шөлде жыланды жоқары көтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары көтерилиўи тийис.
Nyochaa Юхан 3:14
10
Юхан 3:35
Әке Өз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған.
Nyochaa Юхан 3:35
Ebe Mmepe Nke Mbụ Nke Ngwá
Akwụkwọ Nsọ
Atụmatụ Ihe Ogụgụ Gasị
Vidiyo Gasị