Юхан 1
1
Өмир сөзи
1Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. 2Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди.
3Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. 4Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди. 5Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады.
6Қудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди. 7Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм өзиниң гүўалығы арқалы ҳәммени исендириўге келди. 8Оның өзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди. 9Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди.
10Сөз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады. 11Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. 12Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. 13Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Қудайдан туўылды.
14Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийримге ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик.
15Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди:
– «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы. 16Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық. 17Өйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масийх#1:17 Масийх – «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. Сөзликке қараң. арқалы келди. 18Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ Оны Әкениң қушағындағы Өзи Қудай болған жалғыз Ул танытты.
Шомылдырыўшы Яқыяның ўазы
(Мат 3:1-12; Мрк 1:1-8; Лук 3:15-17)
19Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди#1:19 Лебийли – лебий урыўына тийисли адам. Олар Ибадатханада хызмет еткен. 1Жлн 23:28-32. жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды. 20Ол тән алды, танбады. «Мен Масийх емеспен», – деп ашық мойынлады.
21Олар және Яқыядан:
– Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң#1:21 Мал 4:5-6. ба? – деп сорады.
– Ол емеспен, – деди Яқыя.
– Сен сол пайғамбармысаң?#1:21 Нзм 18:15-19. – деп сорады олар.
– Яқ, – деп жуўап берди ол.
22Сонда олар Яқыяға:
– Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Өзиң ҳаққында не дейсең? – деди.
23Яқыя:
– Ийшая пайғамбардың айтқанындай мен: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер»#1:23 Ийш 40:3., – деп шөлде бақырған даўыспан, – деди.
24-25Парисейлерден#1:24-25 Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары. жиберилгенлер Яқыядан:
– Егер сен Масийх та, Илияс та, я сол пайғамбар да болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады.
26Яқыя оларға былай деп жуўап берди:
– Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты. 27Меннен соң киятырған Адам – Усы#Юхн 1:27 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Бирақ Ол меннен алдын бар еди».. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
28Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды.
Қудайдың Қозысы
29Ертеңине Яқыя өзине қарай киятырған Ийсаны көргенде былай деди:
– Мине, дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы! 30«Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы. 31Мениң өзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға#1:31 Суў менен шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны. келдим.
32Яқыя гүўалық берип және былай деди:
– Мухаддес Руўхтың кептер пишининде аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын көрдим. 33Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Қудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын көрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди. 34Мен буны көрип: «Бул – Қудайдың Улы» деп гүўалық бердим.
Ийсаның дәслепки шәкиртлери
35Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди. 36Ол өтип баратырған Ийсаны көрип:
– Мине, Қудайдың Қозысы! – деди.
37Еки шәкирт оның бул сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерди. 38Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды көргенде, олардан:
– Не излеп жүрсизлер? – деп сорады.
– Қай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.
39– Келип көриңлер, – деди Ийса.
Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын көрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат төртлер шамасында еди.
40Яқыяның сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Шимон Петрдиң туўысқаны Андрей еди. 41Андрей дәслеп өз туўысқаны Шимонды излеп таўып, оған:
– Бизлер Масийхты таптық, – деди. Масийх – Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.
42Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап:
– Сен Юхан улы Шимонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. Кифа – бул Петрдиң басқа аты#1:42 Кифа – бул Петрдиң басқа аты – арамейше Кифа, грекше Петр. Екеўи де «тас» дегенди билдиреди. Мат 16:18..
43Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған:
– Изиме ер, – деди.
44Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди. 45Филип Натаниелди таўып, оған:
– Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлар да өз Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптиң Улы, насыралы Ийсаны таптық, – деди.
46Натаниел оған:
– Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди.
– Келип көр, – деди Филип.
47Ийса Натаниелдиң Өзине жақынласып киятырғанын көрип, ол ҳаққында былай деди:
– Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы.
48Натаниел Ийсадан:
– Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады.
– Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында көрдим, – деп жуўап берди Ийса.
49Натаниел Ийсаға:
– Устаз, Сен Қудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди.
50Ийса оған:
– Сени әнжир ағашының астында көргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди көресең! – деди.
51Ийса және:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспанның ашылғанын, Қудайдың периштелериниң Адам Улының#1:51 Адам Улы – Ийса Масийх Өзин көбинесе усылай атады, сөзликке қараң. алдына келип-кетип атырғанын көресизлер, – деди.
Atualmente selecionado:
Юхан 1: КркМК22
Destaque
Partilhar
Copiar
Quer salvar os seus destaques em todos os seus dispositivos? Faça o seu registo ou inicie sessão
© Институт перевода Библии, 2022